Өзбекстан Президенти Қытай сыртқы ислер министрин қабыллады

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 21-ноябрь күни сыртқы сиясат уйымлары басшыларының стратегиялық қарым-қатнасының гезектеги мәжилисинде қатнасыў ушын елимизге келген Қытай Халық Республикасы Коммунистлик партиясы Орайлық комитети Сиясий бюросының ағзасы, Сыртқы ислер бойынша комиссия аппаратының басшысы, сыртқы ислер министри Ван И басшылығындағы делегацияны қабыллады.
Жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы барлық шараятларда ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әмелий тәреплери көрип шығылды.

Ушырасыў алдынан Қытай сыртқы ислер министри мәмлекетимиз жетекшисине Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпинниң қызғын сәлемин ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Мәмлекет басшыларының сиясий ерк-ықрары ҳәм биргеликтеги ҳәрекетлери себепли еки тәреплеме қатнасықлар мисли көрилмеген жоқары дәрежеге көтерилгени айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Өткен жылы товар алмасыўдың көлеми 14 миллиард долларға жетти, қоспа кәрханалардың саны дерлик 5 мыңды қурамақта, жылдың басынан берли Қытайдан дерлик 15 миллиард долларлық инвестициялар өзлестирилди. Технологиялық шериклик жойбарларының портфели 90 миллиард долларға шамаласты.

Жоқары технологиялар, “жасыл” ҳәм атом энергетикасы, жасалма интеллект, транспорт, инфраструктура, аўыл хожалығы, геология, химия ҳәм басқа да бағдарлардағы бирге ислесиўди алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.
Барлық дәрежелерде байланыслар жеделлести, еки мәмлекет аймақлары нәтийжели бирге ислесип келмекте, билимлендириў ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўда мазмунлы алмасыўлар даўам етпекте.

Өзбекстан жетекшиси гезектеги жоқары дәрежедеги илажларға пуқта таярлық көриў ҳәм еки тәреплеме бирге ислесиўди жаңа әмелий мазмун менен байытыў зәрүр екенлигин атап өтти.
“Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” темир жолын қурыў жойбарын жедел әмелге асырыў ҳәм оны басқа транспорт коридорлары менен байланыстырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Аўғанстанды социаллық-экономикалық тиклеў ҳәм қәўипсизлик мәселелеринде ҳәрекетлерди муўапықластырыўға айрықша итибар қаратылды. Көп тәреплеме форматларда тығыз сиясий сөйлесиў ҳәм бирге ислесиўди даўам еттириў, жоқары билимлендириў мәкемелери арасындағы байланысларды қоллап-қуўатлаў ҳәм кәмбағаллыққа қарсы гүресиў, туризм ҳәм басқа да тараўларда биргеликтеги жойбарларды алға қойыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Усы жылдың ноябрь айының ақырында Өзбекстанда болажақ Қытай мәденияты күнлериниң табыслы өткерилиўине исеним билдирилди.
Сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық күн тәртибиндеги мәселелер бойынша да пикир алысылды.
ӨзА