«Бүгин “Euronews” медиа холдинги директорлар кеңесиниң баслығы Педро Варгас Давид пенен ушырасыў өткердим.
39

Өзбекстан ҳәм “Euronews” арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў ҳәм кеңейтиў, мәмлекетимиздиң унамлы имиджин дүнья көлеминде алға қойыўға қаратылған биргеликтеги медиа жойбарларды әмелге асырыў мәселелерин додаладық.
Журналистлердиң маманлығын арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Биргеликтеги жумысларды жедел даўам еттирген ҳалда Өзбекстандағы жедел реформалар, халықаралық басламалар ҳәм ири ўақыяларды дүнья аудиториясына және де нәтийжели жеткериў имканиятын беретуғын шерикликтиң жаңа бағдарларын белгилеп алыўға келисип алдық», – деди Шерзод Асадов өз телеграм каналында.
Қарақалпақстан хабар агентлиги