Мухаммадияров Айдос Жолдасбай улыныӊ филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) диссертациясын қорғаўы ҳаққында

Мухаммадияров Айдос Жолдасбай улыныӊ 10.00.06 – Салыстырмалы ǝдебияттаныў, салыстырмалы тил билими ҳǝм аўдарматаныў қǝнигелиги бойынша «Инглис ҳǝм қарақалпақ поэзиясында «Soul/Руўх» концептиниӊ лингвомǝдений өзгешеликлери» темасындағы филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дǝрежесин алыў ушын усынылған диссертациясының қорғаўы Қарақалпақ мǝмлекетлик университети жанындағы илимий дǝрежелер бериўши PhD.03/30.04.2022.Fil.20.07 санлы Илимий кеӊестиӊ 2025-жыл 4-декабрь күни саат 09:00 деги мǝжилисинде (Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Мәлимлеме-ресурс орайы бас студиясында) болып өтеди.
Мǝнзил: Нөкис қаласы, Академик Ч.Абдиров көшеси 1-жай
Тел: (+99861) 223-60-47, 223-60-78, 223-58-29
Веб-сайт: www.karsu.uz
e-mail: karsu_info@edu.uz
Қарақалпақстан хабр агентлиги