Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халық бәнтлигин тәмийинлеў бойынша тийкарғы ўазыйпалар белгилеп алынды

56

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 19-ноябрь күни кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарындағы жумыслардың жуўмағы ҳәм келеси жыл ушын тийкарғы ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Атап өтилгениндей, өткен дәўирде бул бағдардағы жумысларды төменги буўында дурыс шөлкемлестириў, мәҳәллеме -мәҳәлле жүрип, жаңа басламаларды таўып, адамлардың турмысын жақсылаўға жуўапкер болған ўәлаят, район ҳәкимлери ҳәм олардың хызметкерлериниң материаллық-техникалық имканиятлары түп-тийкарынан жақсыланды.

Усы жылдың басынан берли жумыссызлық 4,9 процентке түсти (өткен жылы 5,5 процент болған). Әсиресе, Бухара, Каган, Наўайы, Зарафшан, Ғазған, Самарқанд, Ширин қалаларында жумыссызлық 4 проценттен төменлеп, биринши мәрте “тәбийғый жумыссызлық” дәрежесине жақынласты.

Жәрдемге мүтәж 302 мың шаңарақ кәмбағаллықтан шықты. Жылдың ақырына шекем кәмбағаллық дәрежеси 6 процентке шекем азайыўы күтилмекте (өткен жылы 8,9 процент болған).

Шараяты аўыр болған Ховос, Мырзабад, Ақалтын, Дослық, Пахтакор, Фориш, Бостан, Вабкент, Миришкор, Мыңбулақ, Узун ҳәм Пискентте кәмбағал шаңарақлардың саны 4,5 есеге шекем азайды. Бурын аўыр жағдайда болған 105 мың шаңарақ дәрамат көре баслады.

Усы жылы биринши мәрте 1 мың 435 мәҳәлле “кәмбағаллықтан жырақ” аймаққа айланды.

Соның менен бирге, айырым районлардың ҳәкимлери үлкен ресурсы ҳәм қаржысы бола турып, жумысларды өз ҳалына таслап қойғаны, адамларға имканиятына жараса таяр жойбар бермегенлиги сынға алынды.

Сол себепли, Денов районы ҳәкими ҳәм оның биринши орынбасары, Шырақшы районы ҳәкими ҳәм оның биринши орынбасары жумыстан босатылыўы, және 20 район ҳәкимине белгиленген тәртипте тийисли илаж көрилиўи белгиленди.

Улыўма, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик режелерин орынлаўдағы жуўапкершиликсизлик ушын жылдың басынан 261 жуўапкер жумыстан босатылғаны, және 492 си интизамий жазаға тартылғаны мәлим етилди.

Келеси жылы кәмбағаллық ҳәм жумыссызлық дәрежесин 4,5 проценттен азайтыў жуўапкерлердиң тийкарғы ўазыйпасы болатуғыны атап өтилди. Буның ушын келеси жылы экономикаға 450 триллион сум кредит ажыратылатуғыны, 140 триллион сумы мәҳәлледеги киши ҳәм орта жойбарлар ушын берилетуғыны белгиленди.

Мәмлекетимиз басшысы бул бағдардағы жумысларды шөлкемлестириўдиң тийкарғы бағдарларын белгилеп берди.

Бириншиси – қурылыс арқалы халықты жумыслы ҳәм дәраматлы етиў.

Келеси жылы мәмлекетимизде 675 триллион сумлық инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў режелестирилген. Соннан 380 триллион сумы қурылыс жумысларына туўра келеди. 140 мың квартиралы көп қабатлы турақ жай қурыў мақсет етилген.

Ҳәр бир ҳәким буннан нәтийжели пайдаланып, қурылыс тараўының өзинен кеминде 20-25 мың, жаратылған инфраструктура арқалы 10 мың адамның бәнтлигин тәмийинлеўи мүмкин екенлиги атап өтилди.

Ең үлкен жаңалық – 2026-жылы биринши мәрте мәҳәлле инфраструктурасын раўажландырыў ушын 20 триллион сум ўәлаятлардың өзине бериледи.

Екинши бағдар – сервис жойбарларын көбейтип, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў.

Мәмлекетимизде ең жоқары өсиў пәтин тәмийинлеп атырған тараў хызметлер көрсетиў тармағы екени атап өтилди. Бирақ, ўәлаят, район ҳәкимлери хызмет көрсетиў тармағына үлкен пәт берип атырған туризмди раўажландырыў арқалы жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың дәраматын көбейтиў имканиятларын толық иске қоспай атырғаны көрсетип өтилди.

Туризм потенциалы жоқары 150 мәҳәллениң инфраструктурасы жақсыланса, бул жерлерде хызметлер көлемин 10 триллион сумға жеткериў, 45 мың адамды саўда ҳәм сервисте бәнт етиў мүмкин.

Соның ушын, келеси жылы 150 мәҳәллениң ҳәр бирине инфраструктура ушын 3-5 миллиард сумнан бериледи. Район банклери бул жерлерде қонақ үйлерин қурыў ушын 150 миллион сумға шекем жеңиллетилген кредит ажыратыўды жолға қояды.

Шегара ҳәм анықлаў аймақлардағы мәҳәллелерге алып барыўшы жолларды оңлап, ол жерде қонақ үйлери, дем алыў орны, саўда-сервис объектлерин шөлкемлестириў арқалы шаңарақлардың дәраматын көбейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Бул мәҳәллелерде дем алыў ҳәм сервис объектлерин қурыў жойбарлары ушын 1 триллион сум ресурс ажыратыў тапсырылды.

Буннан тысқары, жағалық ҳәм жол бойында сервисти раўажландырыў бойынша 500 мәҳәлле таңлап алынған. Район банклери бул жерлерде кеминде 5 турақлы жумыс орнын жарататуғын жойбарларға 1 миллиард сумға шекем кредит бериўди жолға қояды.

Усы жылдың өзинде 255 күни-түни ислейтуғын көше иске түсти. Оларда 11 мың хызмет көрсетиў объектлери жумыс баслады, 27 мыңға шамалас халықтың бәнтлиги тәмийинленди. Келеси жылы буған қосымша және 200 усындай көшени шөлкемлестириў режелестирилген.

Бир айда анық “жол картасы”н дүзип, жумысты баслап жиберген ҳәкимлерге ҳәр бир көше инфраструктурасы ушын 4 миллиард сумға шекем қаржы ажыратылатуғыны белгиленди.

Аўқатланыў, саўда ҳәм сервис тараўында өз брендин жаратқан кәрханалар пүткил республика бойлап 100-150 ден филиалын ашыў нийетинде.

Бул бағдарда ўәлаят ҳәкимликлерине миллий брендлерге жәрдемлесиў тапсырылды. Егер брендлер жаңадан ашылатуғын филиал ушын хызметкерлерди өзим оқытаман десе, оның қәрежети Бәнтлик қорынан қаплап бериледи. Филиалын көбейтиў тилегиндеги брендлер ушын жаңа финанслық инструментлер енгизилип, 2026-жылы оған 500 миллиард сум қаратылады.

Үшинши бағдар – санаат жойбарлары арқалы турақлы жумыс орынларын көбейтиў.

Келеси жылы аймақлардағы кәрханаларда 52 миллиард долларлық санаат өнимлерин ислеп шығарыў режелестирилген. Жуўапкерлер жергиликли санаат тармақларында 22 миллиард долларлық 3,5 мың жойбарды иске қосып, 130 мың турақлы жумыс орнын шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Ҳәзирги ўақытта 400 мәҳәлле мебель, өнерментшилик ҳәм тигиўшиликке қәнигелескен. Исбилерменлердиң орны кеңейтилип берилсе, ҳәр бири және 5-10 адамды жумысқа алыўға таяр.

Усы мүнәсибет пенен район ҳәкимлерине келеси жылы санаатқа қәнигелескен бундай мәҳәллелерде 50 “микросанаат орайы”н иске қосып, 10 мың адамды жумыс пенен тәмийинлеў тапсырылды. Бул орайлардың инфраструктурасы ушын 200 миллиард сум ажыратылады.

Төртинши бағдар – аўыл хожалығы есабынан халықтың дәраматларын арттырыў.

Кәмбағаллықты қысқартыўда халыққа 232 мың гектар жер ажыратып берилгени нәтийжесинде 770 мың адам дәрамат дәрегине ийе болды. Бирақ, тәжирийбеси жетиспейтуғыны, сапалы туқым, өнимине базар табыўда қыйналатуғыны себепли олардың үштен биринде дәрамат аз екенлиги көрсетип өтилди.

Усы мүнәсибет пенен Термиз районындағы Қыйтақ жер мектебиниң тәжирийбесин барлық аймақларда енгизиў, ҳәр бир ўәлаятта кеминде бесеўден бундай мектеплерди шөлкемлестирип, ижараға жер алған адамларды дәраматлы егин егиўге үйретиў тапсырылды. Дийқанлар ижараға алған жеринде жетистирген өнимди кепилликли сатыўы ушын “Экспортшы кооперативлери” шөлкемлестириледи.

Бесинши бағдар – жәрдемге мүтәж шаңарақлардың социаллық қорғалыўын күшейтиў.

Жаңа жылдан “Тең имканият – инклюзив бәнтлик” жойбарын енгизип, майыплығы болған 40 мың адамды жумыс пенен тәмийинлеў әҳмийетли екени атап өтилди. Бәнтлик қорынан оларға 30 миллион сумға шекем процентсиз ссуда ажыратыў жолға қойылады.

Кәмбағаллыққа қайта түсиў қәўпи бар шаңарақларға социаллық жәрдем ҳәм жеңилликлер сақлап қалынады. Оларға 6 ай даўамында материаллық жәрдем ҳәм балалар напақасы төлениўи даўам еттириледи, бақша ҳәм дөгерек қәрежетин қаплаў, емлениў ордеры сыяқлы 110 социаллық хызмет ҳәм жәрдемнен 12 ай даўамында қосымша пайдаланыў имканияты бериледи.

Буннан тысқары, аўыр турмыслық жағдай себепли кәмбағаллыққа түсип қалыў қәўпи жоқары болған шаңарақларды алдыннан анықлап, оларға мәнзилли жәрдем көрсетиў жолға қойылады.

Жумыс орынларын “көленкеден шығарыў” мәселесине де тоқтап өтилди.

– Үлкен мақсетлерди қаржысы менен баслап атырмыз. Министрлер, олардың аймақлық басқарма ҳәм бөлимлери, ўәлаят ҳәм район ҳәкимлери, ең тийкарғысы, “мәҳәлле жетилиги” жумысқа қатты кириспесе, өзгерис болмайды, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Бас министрге айтылған тапсырмаларды министр ҳәм ҳәкимлерге 2026-жыл ушын нәтийжелилик көрсеткишлери (KPI) сыпатында белгилеп бериў тапсырылды.

Мәжилисте аймақ ҳәм тармақлар басшыларының есабатлары, исбилерменлердиң пикир-усыныслары тыңланды.

ӨзА