Ўәлаят ҳәкимликлерине миллий брендлердиң орынларда филиал шөлкемлестириў бойынша жойбарларына жәрдемлесиў тапсырылды

45

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси даўам етпекте. 

Исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўде аўқатланыў, саўда ҳәм сервис тараўында өз брендин жаратқан кәрханалар пүткил республика бойынша 100-150 ден саўда орнын ашып, кеминде 3-5 мың жумыс орнын жаратыў басламасын билдирген еди.

Ўәлаят ҳәкимликлерине миллий брендлердиң орынларда филиал шөлкемлестириў бойынша жойбарларына жәрдемлесиў тапсырылды.

Егер брендлер жаңадан ашылатуғын филиал ушын хызметкерлерди өзим оқытаман десе, оның қәрежети Бәнтлик қорынан қаплап бериледи.

Филиалын көбейтиў тилегиндеги брендлер ушын жаңа финанслық инструментлер енгизилип, 2026-жылы оған 500 миллиард сум қаратылады.

ӨзА