Ең үлкен жаңалық – 2026-жылы биринши мәрте мәҳәлле инфраструктурасын раўажландырыў ушын 20 триллион сум ўәлаятлардың өзине бериледи

50

Бирақ бул қаржы ҳәмме районға тең бөлистирилмейди.

Себеби, Дослық районында берилген 5 миллиард сум мақсетли жумсалып, Чинабад мәҳәллесиндеги 2 километрлик көшениң инфраструктурасы жақсыланды, күни-түни ислейтуғын орынға айландырылды. Жумыстың нәтийжеси көрингени себепли районға және 10 миллиард сум ажыратылған еди, көшеге тутасқан дәрья бойы абаданластырылды, саўда-сервис ушын қосымша орын ашылды. Нәтийжеде 130 жаңа исбилермен жумыс баслап, 700 адамды бәнт етти.

Бирақ тап усындай “драйвер” жойбарлар ушын қаржы алған Учкўприк, Бектемир, Жомбой, Китоб, Ташкент районларында еле нәтийже көринбеген.

Енди қайсы ҳәким тез ҳәрекет етип, анық жойбар тийкарында нәтийже көрсетсе, сол район көп қаржы алады – деди Президент.

Ўәлаят ҳәкимлерине жумыс орнын жаратыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыўға үлкен түртки беретуғын жойбарларды таңлап, барлық таярлықты усы жылдың өзинде жуўмағына жеткериў тапсырылды.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

ӨзА