Келеси жылы кәмбағаллық ҳәм жумыссызлық дәрежесин 4,5 проценттен азайтыў жуўапкерлердиң тийкарғы ўазыйпасы болатуғыны атап өтилди

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.
Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик режелерин орынлаўдағы жуўапкерсизлик ушын жылдың басынан 261 жуўапкер жумыстан босатылғаны, және 492 си интизамый жазаға тартылғаны мәлим етилди.
– Жәрдемге мүтәж шаңарақлардың ең аўыр қатламы қалды. Бундай 400 мың шаңарақты кәмбағаллықтан шығарыў ушын ўәлаят, район ҳәкиминиң биринши орынбасарлары, бәнтлик, банк басшылары, “мәҳәлле жетилиги” өзиниң көзқарасын ҳәм жумыс усылын өзгертиўи керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Келеси жылы кәмбағаллық ҳәм жумыссызлық дәрежесин 4,5 проценттен азайтыў жуўапкерлердиң тийкарғы ўазыйпасы болатуғыны атап өтилди.
Келеси жылы экономикаға 450 триллион сум кредит ажыратылатуғыны, 140 триллион сумы мәҳәлледеги киши ҳәм орта жойбарлар ушын берилетуғыны белгиленди.
ӨзА