Айырым район ҳәкимлери бәнтлик мәселелеринде үлкен кемшиликлер ҳәм көз бояўшылыққа жол қойып атырғаны айтылды
42

Бас министрге жумысқа усындай қатнас жасаған 20 – Яшнабад, Бухара, Ғиждуўан, Косон, Хатирчи, Қумқорған, Янгийўл, Өзбекстан, Гүлистан, Яккабағ, Әндижан, Паркент, Ташкент, Нурабад, Учтепа, Чортоқ, Давлатабад, Алтынкөл, Қизириқ, Когон районларының ҳәкимлерине белгиленген тәртипте шара көриў тапсырылды.
Мәҳәллелерге жақсы жойбарларды қәлиплестириў ҳәм қаржыландырыў ушын банкирлер бириктирилген.
Бирақ, айырым район банкирлери мәмлекеттиң арзан ресурсын нәтийжесиз жойбарларға берип жиберип атырғаны сынға алынды.
Жуўапкерлерге мәҳәллелерге түсип, жойбарлардың нәтийжелилигин үйрениў, тараўда қадағалаў ҳәм тәртипти күшейтиў тапсырылды.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.
ӨзА