Усы жылы биринши мәрте 1 мың 435 мәҳәлле “кәмбағаллықтан жырақ” аймаққа айланды

44

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарындағы жумыслардың жуўмағы ҳәм келеси жыл ушын тийкарғы ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

Усы жылдың басынан берли жумыссызлық 4,9 процентке түсти (өткен жылы 5,5 процент болған).

Әсиресе, Бухара, Когон, Наўайы, Зарафшан, Ғазған, Самарқанд, Ширин қалаларында жумыссызлық 4 проценттен төменлеп, биринши мәрте “тәбийғый жумыссызлық” дәрежесине жақынласты.

Жәрдемге мүтәж 302 мың шаңарақ кәмбағаллықтан шықты. Жылдың ақырына шекем кәмбағаллық дәрежеси 6 процентке шекем азайыўы күтилмекте (өткен жылы 8,9 процент болған).

Шараяты аўыр болған Ховос, Мырзабад, Ақалтын, Дослық, Пахтакор, Фориш, Бостан, Вабкент, Миришкор, Мыңбулақ, Узун ҳәм Пискентте кәмбағал шаңарақлардың саны 4,5 есеге шекем азайды.

Бурын аўыр жағдайда болған 105 мың шаңарақ дәрамат таба баслады, кәмбағал шаңарақлардың орташа дәраматы жылдыӊ басына салыстырғанда 2 есеге артты.

Усы жылы биринши мәрте 1 мың 435 мәҳәлле “кәмбағаллықтан жырақ” аймаққа айланды.

ӨзА