Экономика ҳәм халықты гүзги-қысқы мәўсимде көмир менен тәмийинлеў режелери көрип шығылды

Президент Шавкат Мирзиёев көмир қазып шығарыўда ерисилген нәтийжелер ҳәм келешектеги ўазыйпалар бойынша презентация менен танысты.
Гүзги-қысқы мәўсимде халықтың үйлерин, социаллық тараў мәкемелерин ҳәм экономика тармақларын энергия ресурслары менен үзликсиз тәмийинлеў мақсетинде энергетиканың барлық тармақлары қатарында көмир санаатында да жаңа жойбарлар әмелге асырылмақта, өндирис қуўатлықлары ҳәм көлемлери көбейтилмекте.

2024-2025-жыллар гүзги-қысқы мәўсиминде дерлик 8,7 миллион тонна көмир қазып алынып, ыссылық электр станциялары, бюджет шөлкемлери ҳәм халыққа жеткерип берилди.
Презентацияда 2025-2026-жыллар гүзги-қысқы мәўсимде 10 миллион тонна көмир ислеп шығарыў режелестирилгени мәлим етилди. Буның ушын “Өзбеккөмир” акционерлик жәмийети кәрханаларының материаллық-техникалық базасы күшейтилди, тараўда қосымша ислеп шығарыўшылардың жумысы ушын шараятлар жаратылды.

Президентимиз мәўсим даўамында халықты көмир менен кепилликли тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берди. Кәрханаларды модернизациялаў ҳәм жаңа өндирислик қуўатлықларды иске қосыў, тараўда базар принциплери ҳәм бәсекини раўажландырып, өнимниң өзине түсер баҳасын түсириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Презентацияда уран бағдарындағы жаңа инвестициялық жойбарларды жеделлестириў, геологиялық-излеў жумысларының көлемин кеңейтиў, заманагөй технологияларды енгизиў мәселелери де көрип шығылды.
ӨзА