Каспий 36 000 квадрат километр қысқарды

33

2025-жил сентябрь ҳалатына қарай, Каспий теңизиниң Қазақстан жағалаў тәрепи орташа 29,31 метрди қурады ҳәм соңғы он сегиз жыл ишинде суў майданы 36 000 квадрат километр қысқарды.

Хабарда айтылыўынша, усы жылдың сентябрь айында бақлаў станциялары жайласқан арқа-шығыс бөлиминде теңиз қәдди орташа минус 29,15 метр, шығыс бөлиминде болса минус 29,46 метрди қураған.

Өткен жылға салыстырғанда Каспий теңизи қәдди төменлеген: арқа-шығыста 20 сантиметр, шығыста 17 сантиметр.

Улыўма, мәмлекет аймағында жағалық сызығы айырым жерлерде 30-35 километрге шегинген.

Каспий теңизиниң арқа-шығыс бөлими, Урал дәрьясы дельтасы ҳәм Манғыстаў ўәлаяты жағасы ең әззи аймақлар болып есапланады.

Г.Сатторова,

 ӨзА