Азық-аўқат өнимлерине санитариялық-эпидемиологиялық жуўмақ бериў тәртиби белгиленди

34

Ҳүкиметтиң усы жыл 13-ноябрьдеги  720-санлы қарары менен “Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы өнимлерине санитариялық-эпидемиологиялық  жуўмақ  бериў бойынша мәмлекетлик хызметти көрсетиў”диң ҳәкимшилик регламенти тастыйықланды.

Регламентке бола, санитариялық -эпидемиологиялық жуўмақ 3 жыл мүддетке бериледи.

Бул жуўмақ шеттен алып келинип атырған өнимге өнимниң жарамлылық дәўирине, жарамлылық мүддетине ийе болмаған өнимге болса -мүддети көрсетилместен бериледи.

Санитариялық – эпидемиологиялық жуўмақ төмендеги жағдайларда алыныўы керек:

– жаңа өнимлер ислеп шығарыў жолға қойылғанда;

– ислеп шигарылып атырган өним қурамы өзгергенде;

өнимлерди ислеп шығарыў технологиялық процесиниң конструкциялары, топламлары өзгергенде;

– тәжирийбе ушын ислеп шығарылған өнимлерге;

– республика аймағына алып кирилетуғын азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы өнимлерине;

өним ислеп шығарыў ушын берилген санитариялық – эпидемиологиялық жуўмақтың әмел етиў мүддети тамам болғанда.

Арза бериўши мәмлекетлик хызметтен Мәмлекетлик хызметлер орайына келип ямаса электрон тәризде БИМХП (my.gov.uz) арқалы пайдаланыўы мүмкин.

Санитария -эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитети жуўмақты QR-код арқалы тастыйықлайды ҳәм 1 жумыс күнинде арза бериўшиниң жеке кабинетине жибереди,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги