Өзбекстан Президенти Түркменстан Президентин шын жүректен шығарып салды

Нәтийжели Өзбекстан – Түркменстан саммити жуўмақланды.
Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Сердар Бердимуҳамедов тар ҳәм кеңейтилген қурамда сөйлесиў өткерип, Өзбекстан – Түркменстан дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелерин додалады.


Мәмлекет басшыларының қатнасыўында “Шават-Ташаўыз” қоспа шегара алды саўда зонасы иске қосылды.
Мәмлекетимиз жетекшиси Президент Сердар Бердимуҳамедовқа “Олий Даражали Дўстлик” орденин салтанатлы түрде тапсырды.


Президентлер Биргеликтеги билдириўге қол қойып, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллерине сөйлесиўлердиң жуўмақлары ҳаққында айтып берди.
Түркменстан Президенти Ташкентке сапары шеңберинде Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўында да қатнасты.


Сапар илажлары жуўмақланғаннан соң, Президент Шавкат Мирзиёев Президент Сердар Бердимуҳамедовты “Ташкент-Хумо” халықаралық аэропортында шығарып салды.