Өзбекстан ҳәм Түркменстан Президентлери сөйлесиўлердиң жуўмағын шығарды

Көксарай резиденциясында болып өткен жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын баянат берди.
Президентимиз бул тарийхый мәмлекетлик сапар етиў туўысқан мәмлекетлеримиздиң стратегиялық шериклигин және де беккемлеп, оны жаңа шеклерге алып шығатуғынына исеним билдирди.


Сөйлесиўлерде сиясий, саўда-экономикалық, транспорт, суў-энергетика ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда биргеликтеги жумыслардың тийкарғы бағдарлары белгилеп алынды.
Саўда-экономикалық ҳәм кооперациялық байланысларды кеңейтиў әҳмийетли бағдар сыпатында атап өтилди.
Кейинги жыллары товар алмасыў дерлик 2 есеге көбейип, 1 миллиард доллардан артты. Оның көлемин, бәринен бурын, өз-ара саўдадағы өнимлердиң түрин кеңейтиў ҳәм жеткерип бериўди көбейтиў есабынан 2 миллиард долларға алып шығыў ўазыйпасы қойылды.


Онда бүгин иске қосылған “Шават-Ташаўыз” шегара алды саўда зонасы айрықша орын ийелейди. Тәреплер бул тәжирийбени басқа шегара алды аймақларда, бәринен бурын, “Алот-Фараб” аймағында қолланыў нийетинде.
Регионның транспорт жағынан өз-ара байланыслылығын күшейтиў мақсетинде ҳүкиметлерге автомобиль, темир жол ҳәм теңиз арқалы тасыўларды раўажландырыў, Түркменбашы халықаралық теңиз портынан биргеликте пайдаланыў бойынша усыныслар ислеп шығыў тапсырылды.
Энергетика мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Электр энергиясының жеткерип берилиўи ҳәм транзити бойынша бирге ислесиўди және де тереңлестириў, еки мәмлекет аймағында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бағдарында исенимли умтылыс бар екенлиги атап өтилди.


Тәреплер қоршаған орталықты қорғаў ҳәм суўдан ақылға уғрас пайдаланыў тараўында, соның ишинде, Орайлық Азия регионында бирге ислесиўди раўажландырады.
Және бир тийкарғы бағдар – аймақлараралық бирге ислесиў. Бухара ҳәм Түркменабад қалаларында аймақлар форумлары табыслы өткерилди. Жақында Хийўада еки мәмлекеттиң барлық ўәлаятларының қатнасыўында үшинши форум болып өтеди.
Үргенш ҳәм Ташкентте Түркменстан мәденияты күнлери табыслы өткерилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Концертлер, театрлардың дөретиўшилик сапарлары, жаслар ҳәм илимпазлар форумлары, спорт олимпиадаларын турақлы өткерип барыўға келисип алынды.
Тәреплер, сондай-ақ, денсаўлықты сақлаў ҳәм медицина илими тараўында әмелий бирге ислесиўди алға қойыўға келисип алды.
Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан мәмлекет басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўлары шеңберинде регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыўда сезилерли жетискенликлерге ерисилди.
Күни кеше Ташкент қаласында өткен жетинши Мәсләҳәт ушырасыўының жуўмақлары регионда интеграция процесслери ҳәм тилеклесликти беккемлеўге хызмет ететуғынына исеним билдирилди.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеми ҳәм басқа да халықаралық структуралар шеңберинде өз-ара қоллап-қуўатлаў әмелиятын даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.
Жуўмағында бирге ислесиўди жедел раўажландырыў, туўысқан мәмлекетлеримиздиң раўажланыўы ҳәм абаданлығы жолында үлкен нәтийжелерге ерисиўге өз-ара умтылыс исенимли екени тастыйықланды.
ӨзА