Өзбекстан ҳәм Түркменстан делегацияларының кеңейтилген қурамдағы сөйлесиўлери болып өтти

35

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтың сөйлесиўлери кеңейтилген қурамда еки мәмлекет рәсмий делегацияларының қатнасыўында даўам етти.

Ушырасыў алдынан мәмлекетимиз жетекшиси Түркменстан Президентиниң мәмлекетлик сапары еки халық арасындағы көп әсирлик дослық ҳәм жақсы қоңсышылық байланысларының беккемлигиниң айқын дәлили екенин атап өтти.

Өзбекстан – Түркменстан дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.

Саўда, транспорт, энергетика, суў хожалығы ҳәм басқа да әҳмийетли тараўларда әмелге асырылған жумысларға жоқары баҳа берилди.

– Бул жетискенликлерде Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы, ҳүрметли Гурбангули Бердимуҳамедовтың үлкен үлеси бар, – деди Президентимиз.

Кейинги жыллары өз-ара саўда көлеми еки есеге көбейип, 1 миллиард доллардан артты. Өнимлердиң түрин кеңейтиў ҳәм еркин саўда режиминен нәтийжели пайдаланыў арқалы бул көрсеткишти 2 миллиард долларға жеткериў ушын барлық имканиятлар бар екенлиги атап өтилди.

“Шават-Ташаўыз” шегара алды саўда зонасының иске қосылыўы да товар алмасыўды көбейтиўге хызмет етеди. Бул тәжирийбени басқа да мәнзиллерде, биринши гезекте, “Алот-Фараб” аймағында қолланыў бойынша келисимге ерисилди.

Санаат кооперациясын кеңейтиў мақсетинде қурылыс материаллары, фармацевтика, азық-аўқат өнимлери ҳәм басқа да талап жоқары болған товарларды ислеп шығарыўға қаратылған жаңа жойбарларға бизнести жедел тартыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Энергетика тараўында нәтийжели ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиў жолға қойылған. Және де кеңирек жойбарларға өтиў, соның ишинде, перспективалы кәнлерди биргеликте өзлестириўге келисип алынды.

Транспорт тараўы еки мәмлекет экономикаларын байланыстыратуғын әҳмийетли буўын болып есапланады. Жүк тасыў көлеми артып бармақта, бажыхана-логистика тәртип-қағыйдалары әпиўайыластырылмақта. Тәреплер Түркменбашы портын биргеликте раўажландырыў ҳәм пайтахтлар арасында тиккелей авиақатнаўларды қайта тиклеўге келисип алды.

Ерисилген келисимлердиң өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлеў ушын жылдың ақырына шекем Ҳүкиметлераралық комиссия ҳәм Исбилерменлер кеңесиниң гезектеги мәжилислери өткериледи.

Жетекшилер гуманитар тараў көп қырлы байланыслардың беккем тийкары екенин атап өтти. Үргенш ҳәм Ташкентте Түркменстан мәденияты күнлери ҳәм түркмен фильмлериниң презентациялары табыслы өткерилгенин атап өтти.

Бирге ислесиў пәтин сақлап қалыў ушын тәреплер өз-ара концертлер ҳәм театрлардың дөретиўшилик сапарларын турақлы түрде өткериў, Хийўада Жаслар форумын шөлкемлестириў ҳәм биргеликте фильмлер ислеп шығарыў әмелиятын даўам еттириўге келисип алды.

Денсаўлықты сақлаў ҳәм медицина илими бағдарындағы алмасыўлар жеделлеседи.

Сөйлесиўлердиң жуўмағында мәмлекет басшылары ерисилген барлық келисимлерди әмелге асырыў бойынша кең көлемли “жол картасы”н қабыл етиў бойынша жуўапкерлерге тапсырма берди.

ӨзА