Қоңырат районындағы узақ жыллардан берли оңлаўға мүтәж болып келген 2 үлкен жол өткел көпири реконструкцияланады
36

Президентимиздиң тийисли қарарларына муўапық, Қоңырат районы орайына алып кириўши Д231 “Қоңырат ш. – Мойнақ ш.” автомобиль жолындағы темир жол үстинен өткен жол көпир (халық арасында “Нефтебаза көпир”) ҳәм «Қоңырат-Мойнақ» жолындағы Д231В “Қоңырат қаласы айланба жолы” автомобиль жолындағы темир жол үстинен өткен жол көпир (халық арасында “Бийик көпир”) реконструкцияланады.
Бул көпирлерди реконструкциялаў ушын бюджеттен жәми 6 млрд. сум қаржы ажыратылған.

Реконструкциялаў жумыслары усы жылдың ноябрь-декабрь айларында әмелге асырылыўы режелестирилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги