Улыўмалық мәдений ҳәм руўхый мийрас регион мәмлекетлериниң буннан былай да жақынласыўына хызмет етеди

38



Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўында қатнасыў ушын елимизге келген регион мәмлекетлери ҳәм Әзербайжан Президентлери Өзбекстан Президенти менен биргеликте Ташкенттеги Ислам цивилизациясы орайына барды.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен шөлкемлестирилген орай ислам цивилизациясының бийбаҳа мийрасын қәстерлеп сақлаў ҳәм үгит-нәсиятлаўға бағышланған бийбаҳа дереклер, илимий изертлеў ҳәм билимлендириў бағдарларын бир жерге жәмлеген тарийхымыздағы биринши комплекс болды.

Комплекс миллий архитектуралық дәстүрлер ҳәм заманагөй безеўлердиң үйлесимлилигинде қурылды. Имараттың төрт тәрепинде бийиклиги 34 метрли порталлар, ортадағы бөлегинде болса 65 метрли миллий усылдағы гүмбез бой тиклеген.

Әзербайжан Президенти Илҳам Әлиев, Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмон, Қырғызстан Президенти Садир Жапаров, Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев Президент Шавкат Мирзиёев пенен биргеликте мусылман дүньясының бийбаҳа руўхый дүрданалары есапланған Усман Мушафи сақланып атырған Қураны кәрим залына барды. Қуранның ең әййемги қолжазбаларынан бири болған бул бийбаҳа дерек үлкен тарийхый ҳәм мәдений әҳмийетке ийе болып, регионымыз халықларының цивилизациялық өзине тәнлигин қәлиплестирген тығыз руўхый байланысларымызды сәўлелендиреди.

Жетекшилер, сондай-ақ, “Исламнан бурынғы цивилизациялар”, “Биринши Ренессанс”, “Екинши Ренессанс” ҳәм “Жаңа Өзбекстан – жаңа Ренессанс” бөлимлери менен танысты.

Оларда уллы алымларымыз Имам Бухарий, Имам Термизий, Әбу Мансур Матуридий, Баҳаўатдин Нақшбанд ҳәм басқа да уллы уламалардың бай илимий ҳәм руўхый мийрасы кеңнен сәўлелендирилген. Көргизбеде саманийлер, қараханийлер, хорезмшаҳлар, темурийлер ҳәм басқа да династиялар дәўирине байланыслы қолжазба басылымлар ҳәм олардың ески өзбек тилине аўдармалары да бар.

Жетекшилер регион мәмлекетлери арасындағы мәдений байланысларды беккемлеў, руўхый-ағартыўшылық жойбарларды алға қойыў ҳәм улыўма гуманитарлық қәдириятларды раўажландырыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Регионның бай улыўмалық мийрасын сақлаў ҳәм үгит-нәсиятлаў бағдарындағы Өзбекстанның кең көлемли ҳәрекетлерине жоқары баҳа берилди. Комплекс заманагөй изертлеў орайы болып хызмет ететуғынына, регион мәмлекетлери арасында илимий, билимлендириў ҳәм мәдений бирге ислесиў ушын жаңа горизонтлар ашатуғынына исеним билдирди.

Ислам цивилизациясы орайына сапар даўамында Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Әзербайжан Президентлери “Келешек мийрасы” халықаралық сыйлығының лауреатларын сыйлықлаў мәресиминде қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары менен шөлкемлестирилген халықаралық сыйлық әдебият, мәденият, көркем өнер, илим, билимлендириў ҳәм санлы технологиялар тараўларында үлкен жетискенликлерге ерискен елимиз ҳәм сырт ел дөретиўшилерин хошаметлеўге қаратылған.

Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Әзербайжан ўәкиллери: Халықаралық түркий мәденият шөлкеми (ТҮРКСАЙ) бас хаткери, Қырғызстан халық жазыўшысы Султан Раев “Әдебият” номинациясында, Тәжикстан халық шайыры Давлат Сафарзода “Мәденият” номинациясында, М.Әўезов атындағы Қазақстан Миллий драма театрының актёры Еркебулан Дайыров “Театр ҳәм кино” бағдарында, Әзербайжан халық артисти Алим Гасимов “Музыка ҳәм аяқ ойын” номинациясында, Түркменстан халық артисти Бабасари Аннамирадов “Сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер” бағдарында, Өзбекстан Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы халықаралық орай директорының орынбасары, аўыл хожалығы илимлериниң докторы Дилафруз Эгамбердиева “Илим, билимлендириў ҳәм санлы технологиялар” номинациясында таңлаўдың дәслепки жеңимпазлары болды.

Жетекшилер жанында лауреатларға сыйлық статуэткасы, диплом ҳәм 10 мың долларлық ақшалай сыйлық тапсырылды.

ӨзА