Илон Маск 20 жыл ишинде мәңгилик өмир ўәде етти

Neuralink басшысының атап өтиўинше, келеси еки он жыллықта адамлар санлы мәңгиликке ерисиўи мүмкин болады. Технологиялар еслеў ҳәм шахсты роботларға ямаса жана денелерге көшириў имканиятын береди.
Масктың айтыўынша, санлы нусқа толық бирдей болмайды, бирақ инсанның тийкарғы характер қәсийетлери ҳәм естеликлерин сақлап қалады. Бул болса физикалық дене өлгеннен кейин де өмирди даўам еттириў имканиятын ашады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги