Ташкент руўхыйлық майданы Орайлық Азия ҳәм Әзербайжанды бирлестирди

53

Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайында “Орайлық Азия: улыўма руўхый-ағартыўшылық мийрас – улыўмалық  келешек” атамасындағы халықаралық конгресс жумыс баслады.

Сыртқы ислер министрлиги, Өзбекстан мәдений мийрасын үйрениў, сақлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бойынша пүткил жер жүзилик жәмийети (WOSCU), Илимлер академиясы ҳәм Орайлық Азия халықаралық институты менен биргеликте шөлкемлестирилген мәжилисте 300 ге шамалас илимпаз ҳәм көркем өнертаныўшы, билимлендириў тараўының ўәкиллери қатнаспақта.

Дәслеп Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң әнжуман қатнасыўшыларына жоллаған қутлықлаўын Президент кеңесгөйи Русланбек Давлетов оқып еситтирди.

Бул форум халықаралық шөлкемлер, дипломатиялық корпус, илимий ҳәм мәдений мәкемелер ўәкиллери, сондай-ақ, Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Әзербайжаннан келген илимпазлар, көркем өнер ғайраткерлерин бирлестирди.

Илаждан гөзленген тийкарғы мақсет регион халықларының руўхый ҳәм илимий мийрасын бирлик, бирге ислесиў, турақлы раўажланыў тийкары сыпатында таллаў болып есапланады. Сондай-ақ, бир неше күн даўамында мәмлекетлердиң улыўма мәдений мийрасты сақлаў, үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаўға қосып атырған үлеси, илим, билимлендириў ҳәм мәдениятлараралық қарым-қатнасты раўажландырыўға қаратылған халықаралық басламаларға айрықша итибар қаратылады.

Конгресс Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайында өткерилиўи символикалық әҳмийетке ийе. Бул бийбаҳа комплекс регионның үш мың жыллық тарийхы, Ренессанс дәўирлери ҳәм Жаңа Өзбекстанның раўажланыў процесин өзинде жәмлеген. Комплекс цивилизация мийрасын үйрениў, жасларды тәрбиялаў ҳәм халықаралық мәдений бирге ислесиўди беккемлеў майданы болып хызмет етпекте.

– Өзбекстанның мәдений байлықлары – пүткил инсанияттың мүлки, – дейди Ислам цивилизациясы орайының директоры Фирдавс Абдухолиқов ӨзАның хабаршысына берген интервьюинде. – Биз, илаж қатнасыўшылары тек ғана үлкемиз емес, ал пүткил Орайлық Азия ҳәм Әзербайжанның мәдений мийрасы ҳаққында, уллы бабаларымыз дүнья цивилизациясының раўажланыўына қандай үлес қосқаны ҳаққында сөйлесемиз. Бул орайды қурыўда дүньяның дерлик 40 мәмлекетинен келген илимпазлар жумыс иследи. Бул 800 жойбарды әмелге асырған бир ярым мыңға шамалас илимпаз, дегени. Буннан тысқары қурылысшы, архитектор, дизайнерлердиң мийнетин де тән аламыз.

Әнжуман алдында орай музейи менен танысқан мийманларға комплекс ҳаққындағы ҳүжжетли фильм көрсетилди. Буннан соң илаж Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан Мәденият министрликлери, Илимлер академиялары, диний тараў ўәкиллери, миллий музейлер ҳәм китапханалар, кино агентликлери, Көркем өнер академиялары, Жазыўшылар аўқамлары ҳәм Жаслар ислери агентликлери басшыларының қатнасыўындағы сектор мәжилислери менен даўам етти.

– Билесиз бе, ислам цивилизациясы соншелли бай, бул илимди толық қамтып алыў, сүўретлеўдиң имканияты жоқтай, – деди Әзербайжан мәденият министри Одил Каримли. – Ислам тарийхына байланыслы әҳмийетли ўақыяларды толық сәўлелендириў ушын шексиз күш, имканият ҳәм ҳәрекет керек. Сонлықтан, усы орайдың жоллары бойлап сейил етип, бул жерде үлкен жумыслар исленгенине гүўа болдық. Бул орай тек ғана регион ушын емес, ал пүткил дүнья жәмийетшилиги ушын пайдалы, деп ойлайман.

Болажақ додалаўлар Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан халықлары арасында руўхый бирге ислесиўдиң жаңа бетин ашады. Усыныс етилген идея ҳәм басламалар турақлы раўажланыў, өз-ара ҳүрмет ҳәм руўхый раўажланыў ушын тийкар болып хызмет ететуғыны сөзсиз.

ӨзА