Кибержынаятлардың ерте алдын алыў мәселелери додаланды

72

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында студент-жаслар арасында кибержынаятлардың алдын алыў, интернет тармақларынан пайдаланыўда ҳуқықый мәдениятты арттырыў ҳәм мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеўге бағдарланған үгит-нәсият ушырасыўы болып өтти.

Илажға институттың жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректоры Қ.Қодиров, Ишки ислер министрлиги Информациялық технологиялар тараўындағы жынаятларға қарсы гүресиў басқармасының хызметкери Ш.Узақбергенов, институттың профилактика инспекторы М.Нарымбетова, жаслар мәселелери бойынша жуўапкерлер ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Ушырасыўда шығып сөйлегенлер бүгинги күнде интернет тармағында ушырасып атырған ҳәр қыйлы кибержынаятлар, олардың жәмийет ҳәм адамлар турмысына унамсыз тәсири ҳаққында мағлыўмат берди. Сондай-ақ, жасларды бундай жынаятлардың алдын алыўда сергекликке, интернеттен жуўапкершилик пенен пайдаланыўға шақырды.

Илаж қатнасыўшыларына кибержынаятлардың ең көп ушырасып атырған түрлери – социаллық тармақлар арқалы зыянлы файлларды ашыў, жалған сайтлар арқалы алдаўшылық, жеке мағлыўматларды урлаў, кибербуллинг, онлайн алдаўшылық сыяқлы жағдайлар ҳаққында әмелий мысаллар жәрдеминде таныстырып өтилди.

Ушырасыўда студентлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги