Тақыятас районында халықтың турмыс абаданлығын арттырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар үйренилди

43

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Тақыятас районында халықтың турмыс жағдайын жақсылаў бағдарында әмелге асырылған жумыслар менен танысты.

Дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы Тақыятас районына кириў орнында әмелге асырылған абаданластырыў жумысларын көзден өткерилди.

Буннан соң «Жайхун» МПЖ аймағында Санаатқурылысбанк балансындағы бос турған имаратта «LEDULTRAENERJI» ЖШЖның картон ислеп шығарыў жойбары, «Grinxaus gold» ЖШЖның Ин-витро усылында нәл жетистириў жойбары, сондай-ақ, “Сурхон Тахиатош текстил” ЖШЖның тигиў ҳәм трикотаж өнимлерин ислеп шығарыў жойбарлары көзден өткерилди. Исбилерменлердиң жумысын қоллап-қуўатлаў, оларға жақыннан жәрдем бериў керек екенлиги атап өтилди.

Жоқарғы Кеңес Баслығы «Марказий» МПЖ аймағындағы авариялық жағдайдағы үйлерде жасап атырған пуқараларды социаллық үйлерге көшириў жумыслары менен танысты. Сондай-ақ, «Абат мәкан» МПЖдағы социаллық үйде пуқаралар ушын жаратылып атырған шараятлар көзден өткерилди.

Тақыятас дийқан базары жанынан жаңадан қурылып атырған көп қабатлы саўда комплекси, сондай-ақ, автомашиналар ушын арнаўлы турар орны қурылыс жумыслары да көрип шығылды. Әмелге асырылып атырған жумысларды жеделлестириўде исбилерменге жақыннан жәрдем бериў бойынша ўазыйпалар тапсырылды.

«Қусшылық» мәҳәллеси аймағында Халық банки балансындағы бос турған ыссыхана хожалығының жумысын қайта жолға қойыў бойынша әмелге асырып атырған жумыслар да үйренилди. Район аймағындағы банк балансында болған объектлерди толық қуўатлықта пайдаланыўды жолға қойыў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.

Жоқарғы Кеңес Баслығы мәҳәллелердеги машқалаларды анықлаў ҳәм алдағы ўазыйпаларды белгилеп алыў мақсетинде көше бийлери ҳәм нураныйлар менен ушырасыў өткерди. Буннан кейин район белсендилери, жуўапкер басшылар менен районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги