Ҳаял-лидерлер экономика ҳәм таў-кән санаатында өз орнын беккемлейди

Өзбекстанда ҳаял-лидерлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың кәсиплик байланысларын раўажландырыў мақсетинде халықаралық жәмийетшиликлердиң жумысы үлкен әҳмийетке ийе. Соған муўапық, Таў-кән санааты ҳәм геология министрлигинде “АКМК шериклери” халықаралық ҳаял-лидерлер жәмийетшилигиниң төртинши ушырасыўы шөлкемлестирилди.
Онда министрлик системасындағы кәрхана ҳәм шөлкемлердиң басшы ҳаял-қызлары ҳәм белсенди хызметкерлери және сырт елли бирге ислесиўши компаниялар ҳәм Германияның Өзбекстандағы елшиханасы ўәкиллери қатнасты.

Илажда Таў-кән санааты ҳәм геология министриниң биринши орынбасары Феруза Ҳамидова ҳәм “KfW IPEX-Bank” (Германия) бизнести раўажландырыў директоры, Шығыс Европа, Орайлық Азия ҳәм Қубла Кавказ бойынша басшысы Екатерина Галицина шығып сөйлеп, тәреплердиң бирге ислесиўи ҳаял-қызлардың жәмийетлик турмыстағы орнын беккемлеўде әҳмийетли екенин атап өтти.
Ҳақыйқатында да, ҳаял-қызлардың жумысы заманагөй жәмийетте үлкен әҳмийетке ийе. Олар тек ғана шаңарақ ҳәм жәмийетти раўажландырыўда емес, ал экономика, мәмлекетлик басқарыў, исбилерменлик ҳәм социаллық тараўларда да мүнәсип қатнасады. Ҳаял-қызлар билим ҳәм тәжирийбелерин бөлисиў, инновациялық идеяларды алға қойыў ҳәм профессионал байланысларды кеңейтиў арқалы жәмийетте унамлы өзгерислер жаратыўға үлес қосады. Соның менен бирге, олардың белсендилиги гендер теңликти тәмийинлеў ҳәм ҳаял-лидерлердиң потенциалын раўажландырыўда да әҳмийетли фактор болып есапланады.
– Ҳаял-лидерлердиң кәсиплик раўажланыўы ҳәм олардың экономика және таў-кән санаатында белсене қатнасыўын кеңейтиў тийкарғы ўазыйпаларымыздан. Бул ушырасыў ҳаял-қызлардың пикир ҳәм тәжирийбелерин бөлисиў, жаңа идеялар ҳәм имканиятларды додалаў ушын әжайып майдан болды. Сөйлесиўде көтерилген мәселелер таў-кән санааты ҳәм экономикада ҳаял-қызлардың орнын және де күшейтиўге қаратылған илажлар болып есапланады, – деди Ф.Ҳамидова.

Германияның “KfW IPEX-Bank”иниң бизнести раўажландырыў директоры, Шығыс Европа, Орайлық Азия ҳәм Қубла Кавказ бойынша басшысы Екатерина Галицина бирге ислесиў перспективаларына итибар қаратты.
– Биз Өзбекстандағы ҳаял-лидерлер менен бирге ислесиўден қуўанышлымыз. Бундай ушырасыўлар тек ғана тәжирийбе алмасыўға емес, ал жаңа бизнес-байланысларды раўажландырыў ҳәм ҳаял-қызлардың жойбарды басқарыўдағы орнын күшейтиўге хызмет етеди. Ҳәр бир қатнасыўшы өз тараўында жаңа имканиятлар жаратады, – деди ол.
Ушырасыў жуўмақлары көрсетти, ҳаял-лидерлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың кәсиплик байланысларын раўажландырыўда бундай халықаралық жәмийетшиликлер үлкен әҳмийетке ийе.
Насиба Зиёдуллаева, ӨзА