Тарийхтағы ең бахытсыз әўлад

Гарвард ҳәм Бейлор университети илимпазлары өткерген изертлеўге бола, Z әўлад (18-29 жаслылар) тарийхтағы ең бахытсыз әўладқа айланған. 22 мәмлекеттен 200 мыңнан аслам респондент қатнасқан сораў нәтийжелеринде дәстүрий “бахыттың игри сызығы ” өзгергени анықланған.
Бурын адамлар жаслықта ең бахытлы, орта жаста салыстырмалы түскин, ал қартайғанда және өмирден ырза болған. Енди бул сызық тегис түс алған – жаслар қуўаныш сезимин ерте жоғалтпақта ҳәм оны қайта тиклеў ушын көп ўақыт керек болмақта.
Z әўлад ўәкиллери арасында қәўетер, депрессия, финанслық машқалалар ҳәм өмир мазмунының жоқлығы кең тарқалған. Көпшилик өзин жалғыз, пайдасыз ҳәм келешегине исенимсиз сезеди.
“Бул жүдә қәўетерли жағдай. Биз жаслардың абаданлығына жетерли дәрежеде инвестиция киргизип атырмыз ба?” – дейди изертлеў авторларынан бири, Гарвард илимпазы Тайлер Вандервил.
Қәнигелер бул жағдайды жәмийетлик басым, сиясий турақсызлық ҳәм унамсыз мәлимлеме ағымы менен байланыстырмақта. Егер бул тенденция даўам етсе, инсан өмириндеги “бахытлы жаслық дәўири” түсинигин қайта көрип шығыў керек болады.
Мадинабону Насриева, Анвархўжа Аҳмедов, ӨзА