Ислам тилеклеслиги ойынларында жеңиске ерискен дзюдошыларымыз салтанатлы күтип алынды

Бүгин, 12-ноябрь ерте таңда Саудия Арабстанында даўам етип атырған VI Ислам тилеклеслиги ойынларында табысқа ерискен дзюдо бойынша Өзбекстан сайланды командасы ағзалары салтанатлы түрде күтип алынды.
Ислам тилеклеслиги ойынларының үш күнлик беллесиўлеринде үш мәрте Ўатанымыз гимнин жаңлатып, он бир мәрте байрағымызды Ар-Рияд спорт майданлары үстинде көтерген шебер дзюдошыларымыздың 32 мәмлекет арасында улыўма командалық есапта 2-орынды ийелегени халықаралық дзюдо әлеминде итибарлы ўақыя болды.
Ўатанласларымыз жеке беллесиўлерде 10 медальға ийе болған болса, аралас командалық беллесиўлерде гүмис медальларды қолға киргизди. Буның менен дзюдошыларымыз Өзбекстан спорт делегациясының улыўма табысына мүнәсип үлес қосты.
Күтип алыў мәресиминде қатнасқан Өзбекстан дзюдо федерациясының жуўапкерлери, кең жәмийетшилик ўәкиллери, ата-аналар, тренерлер Ар-Риядта топланған тәжирийбе келешекте өтетуғын абырайлы турнир ҳәм чемпионатлар алдынан әҳмийетли таярлық ўазыйпасын атқарғанын атап өтти.
Т.Рўзиев, ӨзА