Самарқандта ЮНЕСКО жаңа Бас директорының инагурация мәресими өткерилди

40

Самарқанд қаласында даўам етип атырған ЮНЕСКО Бас конференциясы 43-сессиясының бүгинги мәжилислери даўамында шөлкемге жаңадан сайланған Бас директор Холид Аҳмад ал-Ананийдиң инагурация мәресими өткерилди.

Усы жылдың 6-октябрь күни өткерилген ЮНЕСКО Атқарыў комитетиниң 222-сессиясында Бас директорлыққа даўыс бериўде Египетли белгили илимпаз, сиясий ғайраткер Холид Аҳмад ал-Ананий ең көп даўыс алған еди. 6-ноябрь күни болса Бас конференция 43-сессиясы шеңберинде оның кандидатурасы шөлкемге ағза мәмлекетлер ўәкиллери тәрепинен де мақулланды ҳәм Аҳмад ал-Ананий ЮНЕСКОның Бас директоры етип сайланды. Ол ЮНЕСКОның 12-бас директоры, араб миллетине тийисли биринши басшысы сыпатында тарийхта қалатуғын болды.

Мәресимде Холид Аҳмад ал-Ананий салтанатлы түрде ант берди ҳәм шөлкемниң басшысы сыпатында әмелге асыратуғын жумыслары, ЮНЕСКОның мақсет ҳәм дәстүрлеринен келип шығып, алдына қойған режелери ҳаққында айтып берди.

– Бәринен бурын, мениң кандидатурамды қоллап-қуўатлаған барлық мәмлекетлердиң ўәкиллерине миннетдаршылық билдиремен ҳәм бул тарийхый мәресим әййемги ҳәм мәңги Самарқандта өтип атырғанынан қуўанышлыман, – деди ЮНЕСКО Бас директоры Аҳмад ал-Ананий. – ЮНЕСКОның Самарқандтағы 43-сессиясы оғада жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени ушын Өзбекстан басшылығына да миннетдаршылық билдиремен. ЮНЕСКО инсанлар ушын шөлкемлестирилген ҳәм олардың мәплерине хызмет ететуғын шөлкем, буннан былай да сондай болып қалады, әлбетте. Мен шөлкем басшылығына сайлаў кампаниясы дәўиринде 65 мәмлекетте болдым, шөлкемимиз мақсетлеринен келип шығып, олардың сиясаты менен таныстым ҳәм өз идеяларымды билдирдим. Енди басшы сыпатында және басқа да мәмлекетлер менен жақыннан танысып шығаман. Биз биргеликте ислеп, ЮНЕСКОның халықаралық майдандағы абырайын және де арттырамыз, шөлкемге ағза мәмлекетлер турмысында өз орнымызды буннан былай да беккемлеймиз, деп исенемен. ЮНЕСКОның миссиясын мен профессор сыпатында билимлендириў, адамларға имканият бериў, египетли илимпаз сыпатында ата-бабаларымыздың турмысы, мийрасын үйрениў, музей директоры ҳәм гид сыпатында мәденияттың ҳақыйқый мәнисин адамларға түсиндириў, сиясатшы сыпатында қыйын  жағдайларда дүнья халықларының мәплерине бирдей хызмет ететуғын қарарлар қабыл етиўден ибарат, деп сеземен. Биз исеним, исеним ҳәм улыўма мийнет арқалы өз алдымызға қойған мақсетлерге қарай ҳәрекет етемиз.

Илажда Бас конференция 43-сессиясының баслығы Хондкер Муҳаммад Талха, шөлкем Бас директорының орынбасары, секретариат басшысы ҳәм мәмлекетлердиң ўәкиллери Аҳмад ал-Ананийди қутлықлап, оның жумысына табыс тиледи.

Мәресимде Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы Саида Мирзиёева шығып сөйлеп, ЮНЕСКО Бас директоры Аҳмад ал-Ананийди қутлықлады ҳәм Өзбекстан басшылығы оның шөлкем басшысы сыпатындағы басламаларын қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.

ӨзА