Насос станциялары хызметкерлери өз-ара күш сынасты

49

11-ноябрь – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни ҳәм Өзбекстан кәсиплик аўқамлары ҳәрекетиниң 120 жыллығы мүнәсибети менен Қарақалпақстан насос станциялары ҳәм энергетика басқармасы хызметкерлери арасында спорттың киши футбол түри бойынша жарыс өткерилди.

«Кәсиплик аўқамлары саламат турмыс тәрепдары!» сүрени астында өткерилген жарыста Қарақалпақстан насос станциялары ҳәм энергетика басқармасының аппарат хызметкерлери ҳәм аймақлардағы бөлимлерден жәми 8 команда қатнасты.

Маўасасыз ҳәм қызғын беллесиўлердиң нәтийжелерине бола «Маңғыт-Назархан» бөлиминиң командасы биринши, «Нөкис-Кегейли» бөлиминиң командасы екинши ҳәм «Хожели-Тақыятас» бөлиминиң командасы үшинши орынды ийеледи.

Жарыс соңында жеңимпазларға ҳәм илажға белсене қатнасқанларға Қарақалпақстан насос станциялары ҳәм энергетика басқармасы кәсиплик аўқамының естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги