Өзбекстан Конституциялық судының 30 жыллығы белгиленди

57

Өзбекстан Республикасы Конституциялық суды дүзилгенине 30 жыл толды. Усы мүнәсибет пенен “Өзбекстан” халықаралық әнжуманлар сарайында “Конституциялық реформалар ҳәм конституциялық қадағалаў институтын раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери” атамасында халықаралық конференция шөлкемлестирилди.

Онда Олий Мажлис, Жоқарғы суд, Судялар жоқары кеңеси, Бас прокуратура, Әдиллик министрлиги, Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети, ЕҚБШның Өзбекстандағы жойбарларының координаторы, Конрад Аденауэр қоры, оннан аслам мәмлекет Конституциялық судларының ўәкиллери, 30 дан аслам экспертлер ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Конституциялық судының баслығы Мирзо-Улуғбек Абдусаломов илажды кирис сөзи менен ашып, Конституциялық суд – елимиздиң раўажланыўы жолында ғәрезсиз мәмлекетшилик тийкарларын беккемлеў, демократиялық ҳуқықый мәмлекет ҳәм әдил жәмийет қурыўға байланыслы үлкен тарийхый процесслердиң айқын көриниси екенин атап өтти. Конституциялық суд бүгинги күнде ғәрезсиз Өзбекстанда ҳуқық үстинлиги ҳәм әдиллик идеяларының әмелий кепилине айланды. Бул судтың қарарлары Конституция нормалары ҳәм принциплерине тиккелей әмел етиўге қаратылған. Мәмлекетлик ҳәкимияттың барлық тармақлары ҳәм буўынлары, лаўазымлы шахслардың жумысында әдиллик, нызамлылық, пуқаралар алдындағы жоқары жуўапкершилик, инсан ҳуқықлары менен мәплерине сүйенген нәтийжели ҳәм әдил басқарыў мәдениятын беккемлеўде әҳмийетли орын ийелейди.

Олий Мажлис Сенатының Баслығы Т.Норбоева, Нызамшылық палатасының Спикери Н.Исмоилов, Жоқарғы судтың баслығы Б.Исламов, Судьялар жоқары кеңесиниң баслығы Х.Ёдгоров, ЕҚБШның Өзбекстандағы жойбарлары координаторының орынбасары С.Сизов, сондай-ақ, Түркия, Қырғыз Республикасы Конституциялық судлары, Таиланд Патшалығы Конституциялық судының баслықлары қутлықлаў сөзлерин билдирди.

Халықаралық конференция шеңберинде Таиланд Патшалығы Конституциялық суды тәрепинен 2026-2027-жылларда Азия конституциялық судлары ҳәм оларға теңлестирилген институтлар ассоциациясына басшылық етиў Өзбекстан Республикасы Конституциялық судына өтиўи мүнәсибети менен Ассоциацияның рәмзий байрағын тапсырыў мәресими болып өтти.

– Азия конституциялық судлары ҳәм оларға теңлестирилген институтлар ассоциациясының басшылығын Өзбекстан Республикасы Конституциялық судына рәсмий тапсырыў мен ушын үлкен мақтаныш, – деди Азия конституциялық судлары ҳәм оларға теңлестирилген институтлар ассоциациясының президенти, Таиланд Патшалығы Конституциялық судының президенти Нахарин Мектрайрат. – Өзбекстанның басшылығында ассоциация және де беккемленип баратуғынына, нызам үстинлигин тәмийинлеўде және де әҳмийетли роль атқаратуғынына ҳәм инсан ҳуқықларын қорғаўда Ассоциацияға ағза барлық 22 Азия мәмлекетлери бирлесетуғынына исенемен.

Илажда сәне мүнәсибети менен ҳүрметли судьялар, белсенди бирге ислесиўши шөлкемлер ҳәм илимпазлар Өзбекстан Республикасы Конституциялық судының естелик белгилери менен сыйлықланды.

Халықаралық конференция өз жумысын үш сессияға бөлинген ҳалда даўам еттирди. Биринши жалпы сессияда конституциялық реформалар ҳәм инсан мәплери, екинши жалпы сессияда конституциялық қадағалаў ҳәм инсан ҳуқықларын қорғаў мәселелери және үшинши жалпы сессияда конституциялық әдил судлаўды жетилистириўдиң әҳмийетли мәселелерине байланыслы баянатлар тыңланды.

Илажда жаңаланған Конституция Жаңа Өзбекстан стратегиясын әмелге асырыўдың сиясий-ҳуқықый тийкарларын жаратқаны атап өтилди. Онда мәмлекетлик қурылыстың стратегиялық мақсети социаллық мәмлекет қурыў екени белгилеп қойылған, социаллық әдиллик ҳәм тилеклеслик принциплери енгизилген. Инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин кепиллеўдиң конституциялық тийкарлары беккемленген.

Конференцияда жаңа редакциядағы Конституцияны сөзсиз ҳәм толық әмелге асырыў, онда беккемленген принциплерди Жаңа Өзбекстан уллы идеясына үнлес тәризде жүзеге шығарыў, мәмлекетлик уйымлардың жумысын жаңаша конституциялық-ҳуқықый шараятларда жолға қойыў бүгинги күнниң тийкарғы ўазыйпасына айланғаны атап өтилди.

Норгул Абдураимова, Носиржон Ҳайдаров (сүўрет), ӨзА