Шерзод Асадов ЕҚБШның ҒХҚ еркинлиги бойынша ўәкили Ян Брату менен ушырасыў өткерди

Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти баспасөз хаткери өзиниң telegram каналында жазбақта.
«Бүгин сапар менен Өзбекстанда болып турған ЕҚБШның ҒХҚ еркинлиги бойынша ўәкили Ян Брату менен ушырасыў өткердим.
Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында елимизде мәмлекетлик сиясаттың ашық-айдынлығы сезилерли дәрежеде арттырылғаны, сөз еркинлигиниң кепилликлери беккемленип атырғаны, ғалаба хабар қуралларының еркин ҳәм профессионал раўажланыўы ушын шараятлар жаратылып атырғаны атап өтилди.
Сөйлесиў ўақтында 13-14-ноябрь күнлери Ташкентте болып өтетуғын ЕҚБШның “Хабардар ҳәм турақлы жәмийетлер ушын ғалаба хабар қуралларының өмиршеңлигин тәмийинлеў” атамасындағы 25-Орайлық Азия медиа конференциясына таярлық мәселелери додаланды. Өзбекстан бундай абырайлы регионаллық платформаға басшылық етип атырғаны мәмлекетимиздиң сөз еркинлиги ҳәм медиа орталығын раўажландырыў бағдарындағы жетискенликлериниң тән алыныўы екени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Конференция ғалаба хабар қураллары, журналистлер жумысы ҳәм медиа тараўының экономикалық тийкарларының турақлылығын, жәмийетти исенимли ҳәм тастыйықланған мағлыўматлар менен тәмийинлеў мәселелерин толық додалаўға қаратылған.
Әмелге асырылып атырған реформалар, соның ишинде, стратегиялық коммуникациялар, медиа саўатлылық ҳәм фактчекингти раўажландырыў, Өзбекстанда сырт ел ҳәм халықаралық ғалаба хабар қуралларының жумысы ушын қолайлы шараятлар жаратыў ҳаққында мағлыўмат бердим. Дезинформацияға қарсы гүресиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Сондай-ақ, бирге ислесиў перспективалары – тәжирийбе алмасыў, журналистлердиң маманлығын арттырыў, қоспа тренинглер ҳәм билимлендириў бағдарламаларын өткериў, ЕҚБШ жетекши экспертлериниң Өзбекстандағы илажларда қатнасыўы бойынша пикир алыстық.
Ашық ҳәм конструктивлик сөйлесиўди даўам еттириўге таяр екенлигимизди атап өттик», делинеди хабарда.
Қарақалпақстан хабар агентлиги