Транспорт ҳәм логистика тараўында санлы трансформация: ТМШ тәжирийбеси

Билесиз бе, XXI әсирде транспорт тек ғана физикалық инфраструктура емес, рельслер, асфальт ҳәм терминаллардың артында санлы платформалар, алгоритмлер ҳәм мәлимлеме байланыслары турыпты. Жүк ағымларының нәтийжелилиги, саўданың турақлылығы ҳәм нәтийжеде пүткил регионлардың бәсекиге шыдамлылығы усы байланыслардың тезлиги ҳәм ашық-айдынлығына байланыслы.
Түркий мәмлекетлер шөлкеминиӊ мәмлекетлери ушын – транспорттың санлы трансформациясы тек ғана технологиялық тренд емес, ал интеграцияның стратегиялық бағдарына айланды. Бүгинги күнде бул процесс әмелий дәрежеге көтерилмекте.
Глобаллық көлемде логистика тараўын санластырыў үлкен пайда келтиреди. Жәҳән банкиниң мағлыўматларына бола, ол бажыхана рәсмийлестириўи ўақтын 50 процентке қысқартыў ҳәм жеткерип бериў шынжырларының нәтийжелилигин 15 – 20 процентке арттырыўы мүмкин.
McKinsey Global Institute 2024-жылғы есабатында транспортта санлы технологиялардан алынатуғын қосымша қун миллионлаған жумыс орынларын жарататуғынын атап өтип, жылына 2,5 триллион долларға баҳалаған.
“e-Permit”, “e-TIR”, “бир айна” системалары ҳәм “Санлы саўда коридоры” сыяқлы қураллар әллеқашан қәрежетлерди 20-30 процентке азайтпақта ҳәм Евразия мәканы мәмлекетлери ушын жаңа имканиятлар ашып, транзитти тезлестирмекте.
ТМШ да санластырыў жолы 2019-жылы Өзбекстан шөлкемге қосылыўы менен басланған ҳәм регионаллық бирге ислесиўде жаңа бет ашқан.
Негизинде транспорт тараўына санлы қуралларды кең көлемде енгизиў мақсетинде 2012-жылдан баслап Өзбекстанда халықаралық жүк тасыў системасын санластырыў бойынша системалы, басқышпа-басқыш жумыслар алып барылмақта.
Дәслеп, 2022-жыл 28-октябрь күни Ташкент қаласында болып өткен ТМШ транспорт министрлериниң 6-мәжилиси шеңберинде Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги ҳәм Түркия Транспорт ҳәм инфраструктура министрлиги арасында руқсатнама бланкаларын электрон алмасыў (e-Permit) системасы иске түсирилди.
Соның менен бирге, 2022-жыл декабрь айында Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасында халықаралық жүк тасыўлар ҳаққындағы конвенцияның 11-қосымшасына муўапық e-TIR системасынан пайдаланған ҳалда дүнядағы биринши тасыў әмелге асырылды.
2024-жылы Қазақстан ҳәм усы жылдан баслап Әзербайжан менен “e-Permit” технологиясын толық енгизиўге ерисилди.
Мәмлекет ишинде санлы экосистема да жедел пәтлер менен раўажланбақта.
Транспорт тараўында бүгинги күнде 30 дан аслам мәлимлеме системалары ҳәм платформалары ислеп шығылған. Атап айтқанда, “Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы” ҳәм “Электрон лицензиялаў системасы” арқалы тараўдағы 10 нан аслам мәмлекетлик хызметлер толық электрон түрде көрсетилмекте.
Буннан тысқары, Республикамыз арқалы транзит өтип атырған қәўипли категориядағы жүклерди тасыўға руқсатнама бланкаларын электрон рәсмийлестириў ҳәм бериў бойынша “Қәўипли жүк” мәлимлеме системасы иске қосылды.
Мәмлекетимизге пәрўазларды әмелге асырыўда сырт ел авиакомпанияларының пәрўазлар кестесин электрон тәризде келисиўди нәзерде тутатуғын “Р формасы” мәлимлеме системасы ислеп шығылды.
Жәмийетлик транспорт автобусларында жолаўшы тасыўдың сапасын арттырыў, автобуслардың ҳәрекетин реал ўақыт режиминде мониторинг етиў, тасыўшылардың жумысында “басып өтилген аралық” ҳәм “сапа” критерияларының үстинлигин тәмийинлеў, автобусларда жәмийетлик қәўипсизликти арттырыў мақсетинде “Автоматластырылған диспетчерлик системасы” енгизилди.
Буннан тысқары, республиканың орайлық қалаларында жәмийетлик транспортта жол ҳақысын төлеўдиң автоматластырылған системасы иске қосылды.
Буннан тысқары, барлық транспорт түрлерине билетлерди аралықтан турып сатып алыў ушын “uzairways.com”, “e-ticket.railways.uz” ҳәм “avtoticket.uz” платформалары бар.
Улыўма алғанда, ТМШ мәмлекетлеринде транспортты санластырыў әллеқашан эксперименталлық басқыштан толық экосистеманы қәлиплестириў басқышына өтти.
Электрон жүк хатларынан баслап “ақыллы портлар”ға шекем – булардың барлығы тек ғана технологиялық инновациялар емес, ал регионның жаңа экономикалық байланыслылығының тийкары болып есапланады. Егер бир ўақытлары түркий мәмлекетлер кәрўан жолларын байланыстырған болса, енди оларды келешектиң санлы жөнелислери байланыстырмақта.
Моҳигул ҚОСИМОВА,
ӨзА