Қытайда өмирди 120 жылға шекем узайтыў жолы табылды

69

The New York Times газетасының жазыўынша, узақ жасаў медицинасына қәнигелескен ҚХРдың “Lonvi Biosciences стартап жойбары өмирди 100 жылдан 120 жылға шекем узайтатуғын таблеткалар ислеп шығармақта.

Басылымға бола, қартайыўға қарсы бул таблетка жүзим туқымы экстрактында бар болған бирикпе тийкарында жаратылған.

Бизге белгили, жүзим туқымлары Батыста ҳәм дәстүрий Қытай медицинасында узақ ўақыттан берли саламат аўқат ретинде белгили болып келген.

Алдынырақ, “South China Morning Post” газетасы январь айында 124 жасын белгилеген қытайлы ҳаялдың өз ўақтында саламат аўқатланыўы “узақ өмир сүриўдиң сыры” екенин хабарлаған еди.

С.Раҳимов, ӨзА