Жаңа кәсиплер әсирине таярсыз ба?

Буннан бир неше жыл бурын Жорж Орвэллдиң белгили “1984” романын оқыған едим. Онда инсанның ой-пикири қадағалаўға алынған, информация үстинен толық ҳүкимдарлық орнатылған жәмийет ҳаққында сөз болады. Шығарманы оқығанда “бундай дүнья тек қыялда болыўы мүмкин”, деп ойлаған едим.
Бирақ арадан бес жыл өтип, жасалма интеллект турмысымызға сондай тез ҳәм терең кирип келди, Орвэлл сүўретлеген реаллықтың айырым тәреплери турмысымызда жүзеге шыға баслады. Сондай-ақ, ол шығарма биринши мәрте 1949-жылы басып шығарылған. Сол ўақыттан бери Орвэллдиң пикирлери, анығырақ айтқанда, инсан санасы ҳәм технологияларды басқарыў ҳаққындағы көзқараслары, пүткил дүнья жүзи ушын ескертиўши сигнал болып келмекте.
Бүгин жасалма интеллект бир ўақыттың өзинде 10 адам орынлай алатуғын ўазыйпаларды нәтийжели әмелге асырады. Бул болса тәбийғый түрде мийнет базарында үлкен өзгерислерге себеп болмақта. Жаңа тараўлар, жаңа кәсиплер ҳәм жаңа талаплар туўылмақта.
Келешекте мағлыўмат ең қымбат ресурсқа айланады. Дүньяда “data scientist”, “AI-инженер”, “машиналық оқытыў қәнигеси” сыяқлы кәсиплер тек ғана әҳмийетли емес, ал стратегиялық әҳмийетке ийе бола баслады. Себеби ҳәр бир қарар, бизнес, ҳәттеки мәмлекетлик сиясат та мағлыўматлардың таллаўына сүйенеди. Мәселен, 2026-жылдан баслап глобаллық МКТ базарында қәнигелерге талап жылына 30 проценттен зыят өсиўи прогноз етилмекте.

Жәмийетте системалар санластырылған сайын қәўиплер де көбеймекте. Соның ушын киберқәўипсизлик тараўы жаңа әсирдиң тийкарғы зәрүрликлериниң бири сыпатында орын ийеледи. Жеке ҳәм финанслық мағлыўматларды қорғаў келешектиң ең әҳмийетли ўазыйпасына айланбақта. Сол себепли киберқәўипсизлик қәнигелери санлы дүньяда сақшы ўазыйпасын атқармақта.
Денсаўлықты сақлаў системасында да революциялық өзгерислер болып атыр. Биотехнология, ген анализлери, жасалма органлар инженериясы сыяқлы бағдарлар инсан өмирин узайтыў, кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм тәбият пенен үнлес жасаў имканиятын бермекте. Келешекте биоинженерлер, ген қәнигелери ҳәм биоинформатиклер ең талап жоқары болған кәсиплерден болыўы сөзсиз.
Бүгинги экологиялық машқалалар да жаңа кәсиплерди пайда етпекте. Қайта тиклениўши энергия дереклери, жасыл экономика ҳәм экологиялық инженерлик тек ғана тәбиятты сақлаў емес, ал жаңа жумыс орынлары, жаңа имканиятлар дегени. Келешек технология менен бирге тәбият пенен де үнлес болыўды талап етеди.
– Жасалма интеллекттиң кирип келиўи, енгизилиўи ҳәм раўажланыўы менен келешекте қандай жаңа кәсиплер пайда болады?
Бул сораўымызға Санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллектти раўажландырыў илимий-изертлеў институтының баспасөз хаткери Нозим Бўронов төмендегише жуўап берди:
– Жасалма интеллект (ЖИ) технологиялары глобаллық көлемде мийнет базарын түп-тийкарынан өзгертип атыр. Бүгинги күнде дүньядағы жетекши компаниялар ҳәм мәмлекетлерде ЖИ системаларын ислеп шығыў, енгизиў ҳәм олардан пайдаланыў менен байланыслы жаңа кәсиплер қәлиплеспекте. Бул процесс Өзбекстан ушын да үлкен әҳмийетке ийе, себеби мәмлекетимизде “Санлы Өзбекстан – 2030” стратегиясы ҳәм e-hukumat жойбарлары шеңберинде ЖИ технологиялары кеңнен енгизилмекте.
Жәҳән тәжирийбесинен көринип турғанындай, ЖИ менен байланыслы ең әҳмийетли жаңа кәсиплер төмендегилер: ЖИ этикасы бойынша қәниге, мағлыўматлар аналитикасы ҳәм инженери, машина оқытыў инженери, медицинада ЖИ бойынша қәниге, автоном транспорт ҳәм логистика қәнигеси, санлы дөретиўшилик қәнигеси ҳәм ЖИ қәўипсизлиги қәнигеси.
Өзбекстанда да жасалма интеллект пенен байланыслы жаңа кәсиплер ушын таярлық әлле қашан басланған. Мәселен, Ташкент медицина академиясында 2024-жылдан баслап рентген ҳәм рак диагностикасында ЖИ системалары сынақтан өткерилмекте. Сондай-ақ, Ташкент, Самарқанд ҳәм Бухара қалаларындағы “ақыллы қала” жойбарлары шеңберинде транспорт, қәўипсизлик ҳәм энергетика системаларын басқаратуғын қәнигелер ушын жаңа имканиятлар пайда болмақта.
– Келешекте жаслар қандай маманлық ҳәм таярлыққа ийе болыўы керек, деп ойлайсыз?
– Келешекте ең табыслы қәнигелер – технологияны терең билетуғын ҳәм инсан қәдириятлары және әдеп-икрамлылық жуўапкершилигин умытпайтуғын жаслар болады. Жаслар тек ғана техникалық билим менен шекленип қалмай, ал инновация, дөретиўшилик ҳәм сөйлесиў қәбилетин де раўажландырыўы зәрүр.
Соның менен бирге, жасалма интеллектти енгизиўде жергиликли шараятты түсиниў, мәлимлеме қәўипсизлиги ҳәм инсан ҳуқықларына әмел етиў сыяқлы мәселелер де үлкен әҳмийетке ийе. Сол себепли жаслар анализ, программаластырыў, дизайн ҳәм этика тараўларында билим алыўы зәрүр. Бул оларды тек ғана жергиликли емес, ал глобаллық көлемде де бәсекиге шыдамлы етеди.
Бирақ технология қанша раўажланса да, инсан фактори, яғный сезим, дөретиўшилик ҳәм мәнаўият ҳеш қашан өз әҳмийетин жоғалтпайды. Робот ямаса жасалма интеллект инсанның жүреги, сезими ҳәм пикирлеў қәбилетин алмастыра алмайды. Соның ушын дөретиўшилик, билимлендириў, психология, медиа ҳәм социаллық инновациялар тараўы бәрқулла әҳмийетли болып қалады.
Жаңа кәсиплер әсиринде тек ғана технология емес, ал өзгериске бейимлесе алыў да әҳмийетли. Ким өзиниң үстинде ислесе, жаңа билимлерди өзлестирсе ҳәм технологиялық тенденцияларды бақлап барса, келешек оған имканият есиклерин ашады.
Нилуфар Бозорова, ӨзА