Кападзе Индонезия сайланды командасын басқарыўға таяр екенин билдирди

54

Өзбекстан сайланды командасы бас тренери Тимур Кападзе ақырында, ҳәзирги ўақытта бас тренерсиз қалған Индонезия сайланды командасы ҳаққындағы итималлы имканияты туўралы пикир билдирди.

Гоал Медиа басылымының Кападзеге сүйенип жазыўынша, Индонезия футбол ассоциациясы рәсмий усыныс берсе, ол бул ўазыйпаны қабыл етиўге таяр. Ол, сондай-ақ, ҳәзирше ҳеш бир клуб пенен шәртнама дүзбегенин де атап өткен.

“Мен Индонезия сайланды командасын басқарыўға таярман. Ҳәзир мен еркинмен, солай екен, усынысларды күтип атырман,” – дейди Кападзе футбол хабаршысы Эфенди Газалий менен сәўбетте.

Кападзе, сондай-ақ, Индонезия ықласбентлериниң социаллық тармақлардағы қоллап-қуўатлаўы ушын миннетдаршылық билдирди.

“Мен Индонезияны ҳәм оның ықласбентлерин жақсы көремен. Көп хабарлар алдым – адамлар меннен команданы басқарыўды сорап атыр. Бул мен ушын жүдә қуўанышлы”, – деди ол.

“Кападзе ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Президенти басламасы менен әмелге асырылған “футбол басқарыўындағы реформалар” дәўиринде өзинен алдынғы тренерлердиң тәжирийбесин қабыл етти. Олар, өз нәўбетинде, Япония ҳәм Хорватиядан илҳам алган.

Кападзе Өзбекстанды тарийхта биринши мәрте Жәҳән чемпионаты – 2026-жылы сайлап алыўына алып шыққан тренер сыпатында даңққа еристи. Соның менен бирге, ол жас әўладты тәрбиялаў системасы менен де жақыннан таныс.

Мен футбол дүньясында “агент” емеспен, бирақ егер Индонезия футбол федерациясы келешектеги (турақлы ямаса ўақтынша) тренерлер мәселесинде бундай қәнигелерди көбирек итибарға алса – бул жүдә жақсы болады, деп үмит етемен”, – деп жазады футбол журналисти Газалий.

Еслетип өтемиз, Индонезия футбол федерациясы алдынырақ үш талабан – өзбекстанлы Тимур Кападзе, “Персия” клубының бурынғы немис тренери Томас Долл ҳәм Ирақ сайланды командасының бурынғы бас тренери, испаниялы Хесус Касасларды көрип шығып атырғаны мәлим етилген еди.

Индонезия сайланды командасын усы жылдың 8-январында қабыл етип алған голландиялы қәниге Патрик Клюйверт басқарып келген ҳәм бир қатар сәтсизликлерден соң Федерация менен өз-ара келисим тийкарында шәртнаманы бийкар еткен еди.

Мағлыўмат ушын, егер Тимур Кападзе Индонезия сайланды командасына бас тренер етип тайынланса, ол Қубла-Шығыс Азия регионында миллий сайланды команданы басқарған биринши өзбек қәнигелеринен бирине айланады.

Алдынырақ Кападзе Қытай сайланды командасы бас тренери болыўға талабанлар дизиминде бар екени айтылған еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги