Қарақалпақстан жаңа имканиятларға қарай: дуз санаатындағы тарийхый қәдем

127

Мүнәсибет

Соңғы жыллары Қарақалпақстан Республикасында социаллық ҳәм экономикалық тараўларды раўажландырыў, халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў бойынша үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Аймақта ири санаат кәрханалары, заманагөй инфраструктура, жаңа жумыс орынларының жаратылыўы нәтийжесинде экономикалық белсендилик барған сайын артып бармақта.

Усы жылдың 3-ноябрь күни Президентимиз тәрепинен қабыл етилген “Қарақалпақстан Республикасында дузды қайта ислеўди раўажландырыўға қаратылған илажлар ҳаққында”ғы қарар республикамызда санаатты жаңа басқышқа алып шығыў, дуз өндириси тараўын кеңейтиў ҳәм аймақта экономикалық өсиўди жеделлестириўде үлкен әҳмийетке ийе болды.

Бул қарар – тек ғана регионымыздың экономикалық потенциалын арттырыў емес, ал жаңа жумыс орынларын жаратыў, экспортлық имканиятларын кеңейтиў ҳәм халықтың абаданлығын арттырыў жолына тасланған әҳмийетли қәдем болып есапланады.

Бүгинги күнде Қарақалпақстан тәбийғый байлықларға, атап айтқанда, дуз резервлерине оғада бай аймақ сыпатында тән алынады. Бул байлықлардан нәтийжели пайдаланыў, оларды терең қайта ислеў арқалы жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў – дәўир талабы болып есапланады.

Қарарға муўапық, «Kungrad Salt Free Zone» санаат зонасының шөлкемлестирилиўи Қарақалпақстан экономикасында жаңа бет ашады. Бул зона 50 гектарлық майданда басланып, кейинги жылларда 200 гектарға шекем кеңейтилиўи режелестирилгени – узақ мүддетли келешекти гөзлеген ақылға уғрас қатнас болып есапланады.

Бул санаат зонасы инвесторлар ушын қолайлы орталық жаратады. Ең әҳмийетлиси, жойбарларды әмелге асырыўды баслаған исбилерменлерге 5 жыл мүддетке “Нөкис” еркин экономикалық зонасының қатнасыўшысы статусының берилиўи – ири инвесторларды тартыў ҳәм олардың жумысын хошаметлеўдиң нәтийжели усылы болып есапланады. Усы тәризде сырт елли ҳәм жергиликли исбилерменлер ушын жаңа имканиятлар ашылады, инновациялық технологиялар тартылады, өндирис көлеми ҳәм экспортлық потенциалы артады.

2026-жылы қосымша инфраструктура қурыў ҳәм кеминде 50 миллион АҚШ доллары муғдарындағы инвестицияларды өзлестириў режелестирилип атырғаны – Қарақалпақстанды дуз санаатының орайына айландырыў жолындағы исенимли нийеттен дерек береди. Ең қуўанышлысы, 2026-2030-жылларда жәми 200 миллион долларлық инвестицияның киргизилиўи арқалы тек ғана өндирислик қуўатлықларды кеңейип қоймастан, ал мыңлаған жаңа жумыс орынлары жаратылады.

Қарар тек ғана экономикалық емес, ал экологиялық ҳәм социаллық жақтан да үлкен әҳмийетке ийе. Дузды заманагөй усыллар менен қайта ислеў қоршаған орталыққа унамсыз тәсирди азайтады, шығындыларды қайта пайдаланыў имканиятын жаратады. Соның менен бирге, ислеп шығарылған өнимлердиң экспорты арқалы Өзбекстанның халықаралық майдандағы экономикалық абырайы және де артады.

Қарақалпақстан бүгин жаңа имканиятларға қарай исенимли қәдем қоймақта. Биз, депутатлар, бул реформаларды халық арасында кеңнен түсиндириў, исбилерменлерди белсене қатнасыўға шақырыў ҳәм орынларда әмелге асырылыўын турақлы қадағалап барыўымыз зәрүр.

«Kungrad Salt Free Zone» санаат зонасы келешекте пүткил Өзбекстанның мақтанышы болатуғынына, ал дуз санааты болса, регионымыздың экономикалық жүрегине айланатуғынына исенемиз.

Усы тәризде, бул қарар Қарақалпақстанды жаңа раўажланыў басқышына алып шығатуғын, халықтың мәпине хызмет ететуғын тарийхый қәдем сыпатында сәўлеленетуғыны анық.

Бахтияр Отелбаев,

Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң депутаты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.