Келеси жылдан медициналық үскене, инвентарь ҳәм тез жәрдем машиналарын алып келиў бойынша жеңиллик 3 жылға созылады

46

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери менен ушырасыўында мәлим етилди. 

Келешекте де медицинада жеке меншик секторды қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға қосымша шараятлар жаратыў даўам еттирилетуғыны атап өтилди.

Атап айтқанда, келеси жылдан медициналық үскене, инвентарь ҳәм тез жәрдем машиналарын алып келиў бойынша жеңиллик 3 жылға созылады.

Улыўма аўқатланыў кәрханаларына ҚҚСтың бир бөлегин қайтарыў бойынша берилген жеңиллик жеке меншик медицина шөлкемлерине де қолланылады.

Заманагөй көп тармақлы клиникаларды шөлкемлестириў ҳәм оларды үскенелеў ушын исбилерменлерге 200 миллион долларлық жеңиллетилген ресурс ажыратылады.

Бул қаржылар келеси жылдан баслап исбилерменлерге 7 жыл мүддетке 3 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 17 процент ставкада бериледи.

ӨзА