Диагноз, емлеў ҳәм профилактикада шыпакерге жәрдемши болатуғын мийирбийкелерди таярлаўға өтиў зәрүр

32

 

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери менен ушырасыўында мәлим етилди.

Буннан былай медициналық билимлендириўдиң сапасын баҳалаў бойынша үш басқышлы системаға өтилетуғыны белгиленди.

Медицина жоқары оқыў орынларының бакалавриат басқышында студентлердиң фундаментал ҳәм клиникалық пәнлер бойынша билими баҳаланады. Резидентураны тамамлаған шыпакерлер болса қәнигелиги бойынша имтиханнан өткериледи. Буннан кейин қәниге мәмлекетлик дизимнен өтеди ҳәм оған медициналық жумыс алып барыўға рухсат бериледи.

Көп ўақтын наўқас алдында өткеретуғын да, емлеўлерди орынлайтуғын да – мийирбийкелер.

Енди әпиўайы емлеўди ислейтуғын емес, диагноз, емлеў ҳәм профилактикада шыпакерге жәрдемши болатуғын мийирбийкелерди таярлаўға өтиў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

Буның ушын Мийирбийкелер академиясы Ташкент мәмлекетлик медицина университетиниң қарамағына өткерилип, оның негизинде Жоқары кәсиплик медицина академиясы шөлкемлестириледи.

Академия АҚШ, Германия, Уллы Британия сыяқлы мәмлекетлердиң жоқары оқыў орынлары менен бирге келеси жылдан жоқары мағлыўматлы мийирбийкени таярлаўды баслайды.

ӨзА