Буннан былай ўәлаятлық ҳәм районлық денсаўлықты сақлаў басшыларының күнлик қабыллаўы мәҳәлледе өткериледи

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери менен ушырасыўында мәлим етти.
Сонда халық пенен пикирлесиў пайда болады, адамларымыз буннан разы болады, медицина системасына қалыс баҳаны өзи береди.
– Усы жерде ўәлаятлық, районлық медицина басшылары ҳәм бас шыпакерлер, поликлиника басшыларына мүрәжат етпекшимен. Олар өзине сораў берсин: наўқас емлеўхана ҳәм поликлиникаға келгенде қанша ўақыт жумсамақта, алған хызметинен қаншелли разы?
Бул басшылар өзин наўқастың орнына қойып, есиктен баслап, шыпакер қабыллаўына кириў ушын бөлмеме-бөлме жүрсе, рентген, лаборатория, УЗИ, ЭКГ ушын ҳәр қыйлы қабатқа шығып-түссе, сонда адамлардың жағдайын түсинип, бул сораўға жуўап табады.
Соның ушын, ҳәр бир ўәлаятлық, районлық медицина басшысы, бас шыпакер ҳәм поликлиника баслығы наўқасқа итибарлы болып, дәртине шыпа излеп келген ҳәр бир адамның жумысы тез питкерилиўи ушын барлық шараятларды жаратыўы шәрт, – деди Президент.
ӨзА