Президент Шавкат Мирзиёев медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери менен ушырасыў өткермекте

Мәмлекетимиз басшысы жыйналғанларды Денсаўлықты сақлаў тараўы хызметкерлери күни менен қызғын қутлықлап, ел-халқымыз саламатлығының сақшылары болған барлық шыпакер ҳәм мийирбийкелерге, тараў қәнигелерине өзиниң терең ҳүрмети ҳәм жақсы тилеклерин билдирди.
– Бүгин тараўдың раўажланыўына хызмет ететуғын көплеген жаңа басламаларды сизлер менен додалап аламыз. Заманагөй медицинаны фармацевтикасыз көз алдымызға келтирип болмайды. Буннан былай бул байрамды “Медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери күни” деп белгилесек, сизлер оны қоллап-қуўатлайсыз, деп ойлайман!
Булардың барлығы медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлерине көбирек излениў, алдынғы емлеў ҳәм профильактика усылларын ийелеўде үлкен хошамет, күш-ғайрат береди, деп исенемен, – деди Президентимиз.
ӨзА