Өзбекстан денсаўлықты сақлаў тараўының хызметкерлерине

57

Ҳүрметли денсаўлықты сақлаў системасы хызметкерлери!

Усы қутлы әййямда халық саламатлығының сақшылары болған сиз, әзизлерди мәмлекетимизде кеңнен белгиленип атырған кәсиплик байрамыңыз – Медицина хызметкерлери күни менен қызғын қутлықлап, бәршеңизге өзимниң жоқары ҳүрметим ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.

Ҳәммемизге белгили, саламатлық ҳәр бир инсан, пүткил жәмийет ушын бийбаҳа байлық, уллы жемис болып есапланады. Тек ғана саламат инсан ҳәм саламат халық уллы ислерге уқыплы екенин бәршемиз жақсы түсинемиз.

 Усы мәниде, Мир Әлийшер Наўайы бабамыздың “Дәўран елиниң тәнинде де жан болғыл, Ҳәм жанларына ҳал-дәрман болғыл”, деген ҳикметли шақырығы әйне сизлер сыяқлы жанкүйер ҳәм пидайы инсанларға бағышланған, десек, алжаспаған боламыз.

Биз сизлердиң Жаңа Өзбекстанда жаңа медицина системасын раўажландырыў жолындағы нәтийжели жумысыңызды жоқары қәдирлеймиз ҳәм мақтанышлы және жуўапкершиликли мийнетиңиз ушын ел-журтымыз атынан шын жүректен миннетдаршылық билдиремиз.

Әзиз шыпакерлер!

Мәмлекетимизде инсан қәдирин улығлаў, оның турмыслық мәплерин әмелде тәмийинлеўге қаратылған мәмлекетлик сиясатта халықтың саламатлығын беккемлеў тийкарғы бағдарлардан бири сыпатында белгиленгени сизлерге жақсы белгили, әлбетте.

Бул ҳаққында сөз болғанда, кейинги жыллары мәмлекетлик бюджеттен медицина тараўы ушын бағдарланып атырған қаржылардың көлеми 6 есеге арттырылғаны, денсаўлықты сақлаў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасы ҳәм кадрлар потенциалы түп-тийкарынан жақсыланғанын атап өтиў керек. Медициналық хызметлер халыққа және де жақынластырылып, сапалы медициналық хызметлер мәҳәллеге шекем түсирилмекте. Ең әҳмийетлиси, бундай өзгерислердиң нәтийжесин ҳәр бир ўатанласымыз өз турмысында сезинбекте. Мәселен, бурын тек ғана пайтахтта көрсетилген 400 ден аслам жоқары технологиялы медициналық хызметлер ҳәзирги ўақытта ўәлаят ҳәм районлардың өзинде де әмелге асырылмақта.       Бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем бойынша халықаралық тәжирийбеге тийкарланған жаңа модель енгизилмекте. Қысқа мүддетте аймақларымызда 490 мәкеме қайта шөлкемлестирилип, юридикалық статусқа ийе болған 350 бийғәрез шаңарақлық поликлиниканың жумысы жолға қойылғаны бул бағдардағы жумысларымыздың нәтийжеси болып есапланады.

Елимизде 2017-жылдан берли аналар өлими көрсеткиши 21 промилледен 11 промиллеге, нәрестелер өлими болса 11,5 промилледен 7,8 промиллеге азайғаны да тараўда әмелге асырылып атырған реформаларымыздың нәтийжеси болып есапланады.

Усы жылы биринши мәрте мәмлекетлик медицина мәкемелерине робот технологиялары кирип келди. Өтип баратырған жылда медицинаны санластырыў жумыслары пүткиллей жаңа басқышқа көтерилди.

Тараўда  DMED бирден-бир электрон мәлимлеме платформасы иске қосылып, оған 36 миллионнан аслам халықтың медициналық мағлыўматлары киргизилди. Министрлик системасында “Санлы денсаўлықты сақлаў” орайы ашылды.

Жасалма интеллект тийкарында орынланып атырған медициналық тексериў ҳәм емлеўдиң түрлери 43 ке жетти.

Тез медициналық жәрдем хызметинде шақырықларды электрон басқарыў системасының орнатылғаны да әҳмийетли жаңалық болды. Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиў жумыслары избе-из даўам еттирилмекте.

Медицинада жеке меншик сектордың үлеси артып бармақта. Өткен сегиз жылда елимизде жеке меншик клиникалардың саны 3,5 мыңнан 9 мыңға, олар тәрепинен көрсетилип атырған медициналық хызмет түрлери болса 50 ден дерлик 130 ға жеткени буны айқын тастыйықлайды.

Мәмлекетимиздиң фармацевтика базарында миллий өнимлердиң көлеми көбейип, 2017-жылдан берли өндирис 1,4 триллион сумнан 6,3 триллион сумға, экспорт көлеми болса 6,3 миллион доллардан 250 миллион долларға өсти.

Тараў ушын кадрлар таярлаў системасын жетилистириў мақсетинде бар үш жоқары оқыў орны негизинде Ташкент мәмлекетлик медицина университети шөлкемлестирилди. Үргенш мәмлекетлик медицина институтының жумысы жолға қойылды. Самарқанд мәмлекетлик медицина университети абырайлы халықаралық “Times Higher Eduсation” (THE) рейтингинен орын алды. Халықаралық аккредитациядан өткен медициналық жоқары билимлендириў мәкемелериниң саны 8 ди қурамақта.

Быйыл 300 ге шамалас қәнигемиз онлаған раўажланған сырт еллерде өз билим ҳәм маманлығын арттырып келди.

Елимиз халқының турмыс шараятлары жақсыланып, орташа өмир сүриў дәрежеси 73,8 жастан 75,1 жасқа созылғанында сиз, өз кәсиби ҳәм хызмет ўазыйпасына садық, мийнеткеш тараў хызметкерлериниң мүнәсип үлеси бар, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз.

Ҳүрметли шыпакерлер!

Бүгинги күнде биз өз алдымызға қойған үлкен шеклерге ерисиўде халқымыздың тынышлығын ҳәм денсаўлығын сақлаў шешиўши әҳмийетке ийе. Себеби тынышлық ҳәм денсаўлықты беккемлеп, өз күш ҳәм имканиятларына исенип, бәрқулла алға умтылып жасайтуғын халық ҳәм миллет ийгиликли мақсетлерине әлбетте ериседи.

Сиз, әзизлер буннан былай да бай билим ҳәм тәжирийбеңиз, маманлық ҳәм шеберлигиңиз бенен тараўдың раўажланыўын жаңа басқышқа көтериў, Өзбекстан медицинасының даңқлы дәстүрлерин избе-из даўам еттириў, жәҳән медицинасының алдынғы жетискенликлерин өзлестириў ушын және де үлкен күш-ғайрат пенен мийнет етесиз, деп исенемен.

Өз гезегинде, тараў хызметкерлериниң хызметлерин мүнәсип қәдирлеў, олар ушын ҳәр тәреплеме қолайлы шараятлар жаратып бериў мәселелери буннан былай да мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиздиң дыққат орайында болып қалады.

Сизлерди кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, жумысыңызда үлкен табыслар, шаңарақлық бахыт-ығбал, шаңарақларыңызға тынышлық ҳәм қут-берекет тилеймен.

Бәрқулла аман-есен болың, қолыңыз аўырмасын, әзиз шыпакерлер!

 

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти