Сода заводтың балаларға саўғасы

«Қоңырат сода заводы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети республикамыздың ең ири санаат кәрханаларынан. Ол жергиликли экономиканы раўажландырыў менен бирге, социаллық тараўды қоллап-қуўатлаў бағдарында да белсендилик көрсетип киятырған жетекши кәрханалардың бири болып есапланады.
Жақында жәмийет тәрепинен Қоңырат районы медицина бирлеспесине қараслы балалар бөлимине 100 миллион сумлық заманагөй әсбап-үскенелер тапсырылды.
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, жергиликли инвестициялық бағдарлама шеңберинде Қоңырат медицина бирлеспесине қараслы балалар бөлиминде жыл даўамында қурылыс жумыслары алып барылып, балалар бөлиминиң имараты заманагөй талапларға сай түрде түп-тийкарынан қайта оңланды. Оның жойбар баҳасы 7,5 миллиард сум болып, усы қаржылардың есабынан бөлимде шыпакерлер ҳәм балалар ушын барлық мүмкиншиликлер жаратылды. Жаңа көриниске, барлық қолайлықларға ийе болған 50 орынлық балалар бөлими енди аймақ турғынларының балалары ушын сапалы, заманагөй медициналық хызмет көрсете алыў мумкиншилигине ийе болды.



– Биз Аралбойы балалары менен биргемиз. Балалардың саламатлығы – келешек тийкары. Сонлықтанда, “Коңырат сода заводы” ЖШЖ социаллық тараўды қоллап-қуўатлаўды өз ўазыйпамыз, деп билдик, – дейди ЖШЖ директоры Ш.Шамуратов.
Қарақалпақстан хабар агентлиги