«Байрақ эстафетасы» Нөкис қаласында

Халқымызды бирден-бир мақсет жолында бирлестириў, жақсы арзыў-нийетлерге илҳамландырыў, ҳәр бир жүректе миллий мақтаныш, ўатансүйиўшилик ҳәм садықлық сезимлерин беккемлеўде мәмлекетлик нышанлардың орны шексиз.
“Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы ҳаққында”ғы нызам қабыл етилгениниң 34 жыллығы мүнәсибети менен Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы, Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы, Қорғаныў министрлиги, Миллий гвардия, Айрықша жағдайлар министрлиги, Мәденият министрлиги, Жаслар ислери агентлиги, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары ҳәм бир қатар шөлкемлер менен биргеликте “Бир байрақ астында” Республикалық эстафета илажларын өткериў белгиленген еди.
Байрақ эстафетасы Қарақалпақстан Республикасы, Сурхандәря ҳәм Әндижан ўәлаятларынан Ташкент қаласына шекемги аралық бойлап байрам ҳәм көтериңки кейпиятта болып өтеди.
Бул баслама арқалы халқымыздың тилеклеслиги, аўызбиршилиги ҳәм Ўатанның раўажланыўы жолындағы пидайылығы көрсетиледи.
Байрақ эстафетасы усы жылдың 8-18-ноябрь күнлери мәмлекетимиздиң барлық аймақларын қамтып алған ҳалда, үш жөнелисте пайтахтқа қарай ҳәрекетленеди.

Биринши, Батыс бағдары бойынша басланған байрақ эстафетасы Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районынан басланып, Қоңырат, Қанлыкөл, Шоманай, Хожели районларында жоқары дәрежеде күтип алынды ҳәм Нөкис қаласына жетип келди.
9-ноябрь күни Нөкис қаласында Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик байрағы қабыл етилгениниң 34 жыллығы мүнәсибети менен “Бир Ўатан, бир ел, бир байрақ” идеясы тийкарында шөлкемлестирилген “Байрақ эстафетасы” өткерилди ҳәм онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды мәмлекетимиз байрағы қабыл етилгениниң 34 жыллық байрамы мүнәсибети менен қутлықлады.
Өткерилген илаж даўамында “Байрақ эстафетасы” шеңберинде рәмзий байрағымыз тарийхый орынларымыздан бири болған “Шылпық” қорғаны жанында Нөкис қаласынан Әмиўдәрья районына тапсырылды. Нуранийлар, жаслар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўындағы эстафета Хорезм ўәлаяты белсендилерине тапсырылды.
Батыс бойлап ҳәрекетленген байрақ эстафетасы Хорезм, Бухара, Наўайы, Жиззақ, Сырдәрья ҳәм Ташкент ўәлаятлары арқалы Ташкент қаласына жетип келеди.
Барлық жөнелислер бойынша жолға түскен байрақлар аймақтан аймаққа өткериў, қолдан қолға тапсырыў арқалы салтанатлы түрде әмелге асырылады. Олар 18-ноябрь күни саат 17-00 де Ташкент қаласындағы “Халықлар дослығы” майданында бирден-бир байрақ астында бирлеседи.
Мәмлекетлик байрақ қабыл етилген күн мүнәсибети менен тийкарғы илаж 18-ноябрь күни саат 17-00 де “Халықлар дослығы” сарайының майданында басланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги