Uzbekistan Airways буйыртпа көлемин кеңейтпекте
42

Вашингтон қаласында болып өткен “C5+1” саммити шеңберинде Uzbekistan Airways ҳәм Boeing авиакомпаниялары арасында 8 Boeing 787-9 Dreamliner самолётларына буйыртпаны конвертациялаў бойынша шәртнамаға қол қойыў мәресими болып өтти.
Ҳүжжетке Uzbekistan Airways авиакомпаниясы басқарма баслығы Шуҳрат Худойқулов ҳәм Boeing авиакомпаниясының саўда ҳәм маркетинг бойынша вице-президенти Пол Риги қол қойды.
Өзбекстан авиатасыўшысы жәми 22 заманагөй Boeing 787-9 Dreamliner самолётына буйыртпа берди. Жаңа самолётлар халықаралық жөнелислер тармағын кеңейтип, авиакомпанияның жәҳән базарындағы абырайын беккемлеўге хызмет етеди.
Роман БОНДАРЧУК таярлады, ӨзА