Өзбекстан – БАӘ: энергия сақлаў системалары бойынша шәртнамаларға қол қойылды

89

Усы жылдың 2-6-ноябрь күнлери Бирлескен Араб Әмирликлериниң Абу-Даби қаласында “ENACT Majlis” ҳәм “ADIPEC-2025” жасалма интеллект ҳәм энергетика тараўында халықаралық форумлар болып өтти.

Онда дүньяның жанармай-энергетика, жасалма интеллект ҳәм санластырыў тараўындағы көплеген министрлер ҳәм жетекши компаниялардың басшылары қатнасты. Өзбекстан Республикасы Энергетика министри Жўрабек Мирзамаҳмудов басшылығындағы делегация да усы илажда қатнасты.

Бул абырайлы илажларда энергетика тараўына жасалма интеллект технологияларын енгизиў ҳәм тараўды раўажландырыў мәселелери талланды. Сондай-ақ, турақлы энергетика, тармақларды модернизациялаў, системаның бейимлесиўшеңлигин арттырыў ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шерикликтиң инновациялық моделлери бойынша нәтийжели тәжирийбе алысылды.

Жуўапкерлердиң атап өткениндей, электр энергиясын ислеп шығарыў ҳәм узатыў процесслери, мағлыўматлар орайлары (Data Center) ҳәм санлы жалғаныў системалары әҳмийетли орын ийелейди.

“Энергия қәўипсизлиги ҳәм турақлылығын диверсификациялаў арқалы беккемлеў” темасында министрлердиң дөгерек сәўбетинде энергия қәўипсизлиги, турақлылық ҳәм диверсификацияның жаңа басқышы және энергияға болған талапты қанаатландырыў ушын әмелий ҳәм прагматикалық қатнасларды додалаўға итибар қаратылды.

Өзбекстан ҳәм БАӘ бирге ислесиўи шеңберинде “жасыл” энергетика ҳәм нефть-газ тараўларын раўажландырыў, әмелге асырылып атырған жумыслар, ерисилген нәтийжелер ҳәм келешектеги режелерге итибар қаратылды. Онда атап өтилгениндей, ҳәзирги ўақытта “Masdar” компаниясы менен биргеликте Өзбекстанда улыўма қуўатлылығы 1 247 МВт болған 5 қуяш ҳәм 500 МВт қуўатлылықтағы 1 самал электр станциясы және 63 МВт қуўатлылықтағы 1 энергия сақлаў системасы жумыс алып бармақта. Қашқадәрья ўәлаятында қуўатлылығы 300 МВт болған қуяш фотоэлектр станциясы қурылмақта.

Форум шеңберинде БАӘниң “Masdar” компаниясы менен Наўайы ўәлаятында 300 МВт/600 МВт•саат ҳәм “AMEA Power” компаниясы менен 200 МВт/800 МВт•саат қуўатлылықтағы 2 энергия сақлаў системасын қурыў бойынша шәртнамаларға қол қойылған.

 

Насиба Зиёдуллаева,

ӨзАныӊ хабаршысы