Bunzl Distribution Өзбекстан менен бирге ислесиўди кеңейтпекши

87

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Вашингтонға сапары шеңберинде АҚШтың мәмлекетимиз бенен исбилерменлик байланысларын беккемлеў ҳәм бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын раўажландырыўдан мәпдар жетекши корпорацияларының ўәкиллери менен ушырасыўлар өткерилди.   

“Bunzl Distribution North America” компаниясының бизнес ҳәм өнимлерди раўажландырыў бойынша вице-президенти Майкл Айзенберг мәмлекетимиз басшысының басламалары еки тәреплеме шерикликти раўажландырыў ҳәм экономикалық имканиятларды кеңейтиўде әҳмийетли қәдем болғанын атап өтти:

– Өзбекстан жетекшиси менен бир неше мәрте ушырасыў бахтына миясар болдым. Биз, исбилерменлер елиңизде сырт ел бизнеси ушын жаратылып атырған имканиятлардан жүдә руўхландық. Бул ҳақыйқаттан жүз берип атырған процесслерге прогрессив көзқарас болып есапланады. Президентти океанның берги жағында көриў жағымлы – биз ушын узаққа барыў шәрт болмады. Ең әҳмийетлиси, биргеликте исленип атырған жойбарлар жүдә қызықлы. Жақын келешекте еки тәреп те пайда көре баслайды, деп үмит етемиз.

Өзбекстан ашық-айдын сиясат ҳәм экономикалық раўажланыўға заманагөй қатнас үлгисин көрсетпекте. Ҳәзирги ўақытта республикада әмелге асырылып атырған алдыңғы әмелият дүньяның көплеген мәмлекетлери ушын үлги бола алады. Мәмлекетлеримиз арасында қәлиплесип атырған ашық-айдынлық, конструктивлик сөйлесиў ҳәм дослық байланыслары мәмлекетлер бир-бири менен қандай мүнәсибетте болыўы керек екениниң әжайып үлгиси болып есапланады.

Өзбекстан менен биргеликтеги жойбарларда қатнасыў алдыңғы идеяларды алмасыў, бирге ислесиў көлемин кеңейтиў ушын жаңа имканиятлар ашқан әҳмийетли тәжирийбе болды.

ӨзА