Эрик Грин: Тийкарғы итибар әҳмийетли минералларға қаратылады

98

Россия ҳәм Евроазия бағдарламасы бойынша ғәрезсиз изертлеўши Эрик Грин мәмлекетимиз басшысының АҚШқа сапары шеңберинде өткерилген ушырасыўлардан соң ғалаба хабар қуралларының ўәкиллерине берген интервьюинде Өзбекстан әҳмийетли минераллар тараўында теңсиз имканиятларға ийе екенин атап өтти:

– Әлбетте, бүгин ҳәм бул ҳәпте Өзбекстан, Орайлық Азия ҳәм улыўма регионларымыз ушын шексиз әҳмийетке ийе. Атап айтқанда, мәмлекетиңиз делегациясының Вашингтонға бул ретки сапары, өткерилип атырған еки тәреплеме сөйлесиўлер тек ғана Ташкент емес, ал пүткил Орайлық Азия ушын оғада әҳмийетли.

Региондағы халқы ең көп мәмлекет сыпатында соңғы жыллары Өзбекстан экономиканы раўажландырыў бойынша бир қанша илгерилеп кетти – тәбийғый ресурсларға инвестиция муғдары көбейди, мәлимлеме технологиялары ҳәм билимлер экономикасы тараўларында да жедел раўажланыў бақланбақта. Енди тийкарғы итибар “әҳмийетли минераллар” тараўына қаратылады. Өзбекстан бул бағдарда да үлкен ресурсларға ийе. Соның менен бирге транспорт инфраструктурасын жетилистириў де оғада әҳмийетли. Бул бағдардағы жойбарлар пүткил регионды дүнья базарларына алып шығыў имканиятын кеңейтеди.

Орайлық Азия – АҚШ саммити биргеликтеги раўажланыўға қойылған үлкен қәдем болып есапланады. Қалаберди, бул әнжуман улыўма глобаллық геосиясат ушын да шексиз әҳмийетке ийе.

Бүгинги күнде Өзбекстан исеним менен алға қәдем тасламақта. Жақында жәрияланған мағлыўматқа бола, нызам үстинлиги ҳәм басқарыў стандартын раўажландырыў тийкарғы ўазыйпалар қатарында белгиленген. Әлбетте, бундай реформалар америкалы инвесторлар тәрепинен де унамлы баҳаланбақта. Себеби, АҚШ халқы демократиялық бирге ислесиўди дүнья бойлап қоллап-қуўатлаў әҳмийетли, деп есаплайды.

Беҳруз Худойбердиев, ӨзА