«Алтын гүз» форумында үлкен театрымыз 3-орынды ийеледи

105

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының жәмәәти Ташкент қаласында болып өткен “Алтын гүз” талантлы жаслар форумында өзиниң көркем өнерге, сахнаға болған шексиз меҳрин және бир мәрте айқын түрде көрсетти.

Бул сапары театр сахнасында режиссёр М.Реймов тәрепинен сахналастырылған “Қарақалпақ қызы” спектакли көрсетилди. Спектакль өзиниң көркемлик жоқарылығы, халықшыл руўхтағы музыкасы ҳәм ең әҳмийетлиси, инсаныйлық сезимлер менен тойынған мухаббат сахналары арқалы тамашагөйлер кеўлинен терең орын алды. Ҳәр бир актёрдың атқарыўы, ҳәр бир сахнаның ырғағы, ҳәр бир сөздиң мәниси арқалы қарақалпақ халқының руўхыяты, арзыў-әрманлары ҳәм жүректеги мақтанышы сәўлеленди.

Форум даўамында пайтахт сахнасында қойылған бул спектакль көркем өнер ықласбентлеринде үлкен тәсир қалдырды.

Дөретиўшилик мийнет ҳәм шын жүректен исленген пидайылық өз нәтийжесин берип, театр жәмәәти “Ең жақсы спектакль” номинациясында 3-орынды ийеледи.

Мағлыўмат ушын, “Ең жақсы спектакль” номинациясында 1-орын жеңимпазы Хорезм ўәлаяты музыкалы драма театрының “Ләзгиниң туўылыўы” спектакли (режиссёр А.Холмўминов, 2-орын жеңимпазы Бухара ўәлаяты музыкалы драма театрының “Аўма” спектакли (режиссёр Л.Наврўзов, және бир 3-орын жеңимпазы Марғулан қалалық музыкалы мақам театрының “Искендер” спектакли (режиссёр О.Абдуллаев) болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги