Керги – кестешилик өнериниң және бир үлгиси

Керги – төртмүйеш формасындағы жүн жиптен түкли усылда тоқылған астарлы қалта. Ол қара үйдиң төрине – сол тәрептеги керегесине қыстырып қойылған ҳәм ыдыс-табақларды салып қойыў ушын пайдаланылған. Алдынғы тәрепи көбинесе “тарақ” ҳәм “мүйиз” нағыслары менен тоқылған. Шетлери (сетка, түйме ҳәм пөпек усылында) шашақланған. Астары шыттан ямаса бөзден тигилген.
Орайлық бөлимине комбинацияланған тоқымашылық үлгисинде мүйиз тәризли формаларға ийе болған үш ири ромб, олардың ортасына ҳәр тәреплерге бағытланған төрт илгек сызылған.
Қара үйдиң ишине қыстырып қойыў ушын еки тәрепине узын тоқыма жиплер бирлестирилген. Оларға “бахыт түйинлери” ҳәм бес-алты шашақлы пөпеклер жабыстырылған.
Қарақалпақ халқы бурыннан тоқымалы, өрилген буйымлар шаңарақты ҳәр қыйлы зыянлардан, көз-тилден қорғайтуғынына исенген. Сол қатары рәңбәрең жиплер менен ислеў берилген түйинли, пөпекли, қурақлы буйымларды үй-руўзыгершилигинде пайдаланған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги