2026-жылы Өзбекстанда «International Cotton Day» халықаралық илажы өткериледи

Президент Шавкат Мирзиёевтиң АҚШқа рәсмий сапары шеңберинде аўыл хожалығы министри Иброҳим Абдураҳмонов Халықаралық пахта мәсләҳәт комитети (ICAC) директоры Эрик Трахтенберг пенен ушырасты.
Аўыл хожалығы министрлиги мәлимлеме хызметиниң жазыўынша, сөйлесиў даўамында тәреплер комитет пенен әмелге асырылып атырған бирге ислесиўдиң нәтийжелери ҳәм келешектеги режелерди додалады.
Атап айтқанда, Өзбекстанда пахташылық тараўында “Карбон базары” системасын енгизиўге қаратылған бирге ислесиў меморандумына қол қойылды. Бул баслама халықаралық көлемде турақлы өндиристи раўажландырыў ҳәм экологиялық технологияларды енгизиўге хызмет ететуғыны атап өтилди.
Сондай-ақ, 2026-жылы Өзбекстанда «International Cotton Day» халықаралық илажын өткериў бойынша келисимге ерисилди.
Бул форум мәмлекетте пахта жетистириў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, инновациялық көзқараслар ҳәм экологиялық турақлы өндирис әмелиятын көрсетиў ушын әҳмийетли платформа болып хызмет ететуғыны менен әҳмийетли.
Қарақалпақстан хабар агентлиги