Автомашинада қәўипсизлик ременин тағыў мүмкин болмаған кеселликлер дизими тастыйықланады
58

Денсаўлықты сақлаў министрлиги “Денсаўлығы себепли қәўипсизлик белбеўин тағыў мүмкин болмаған кеселликлер ҳәм жағдайлар дизими жойбары”н жәмийетшилик додалаўы ушын жәриялады.
Оған бола, жәми 17 кеселлик ҳәм жағдайда қәўипсизлик ременин тақпаўға руқсат бериледи:
- омыртқа ҳәм төс сүйеги сыныўы;
- ийин белбеўи сыныўы;
- қабырғалар сыныўы;
- Омыртқа бағанасының интерстициал сыныўы;
- өкпениң созылмалы обструктив кеселликлери (IV басқыш);
- Бронхиал астма (IV басқыш);
- өкпениң интерстициал зыянланыўы;
- өкпениң бир бөлимин ямаса пүтин бөлимин (шеп ямаса оң) алып таслаў;
- созылмалы жүрек жетиспеўшилигиниң III басқышы ҳәм декомпенсация басқышы;
- III дәрежели (морбид) семизлик
- пәс бойлық (нанизм) – 150 см дан төмен;
- қол ямаса ийин ҳәрекетин шеклеўши неврологиялық кеселликлер;
- териниң көкирек бөлиминде жайласқан аўыр аллергиялық ямаса дерматологиялық кеселликлериниң аўыр түрлери (экзема, псориаз);
- көкирек ямаса ийин бөлиминде протез ямаса имплантлар қойылыўы;
- көкирек қуўыслығы ҳәм қарын бослығына өткерилген ашық түрдеги операциялар;
- стомалар (жасалма шығыў жолы) қойылыўы;
- көкирек қуўыслығы аймағындағы ири өспелер.
Сондай-ақ, ҳәмиледар ҳаяллар да қәўипсизлик ременин тақпаўы мүмкин болады.
Пуқара жоқарыдағы кеселликлер менен кеселленгени бойынша “Электрон денсаўлықты сақлаў” мәлимлеме системасы арқалы қәлиплестирилген QR-кодлы электрон медициналық мағлыўматнамалар өзи бириктирилген басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мәкемеси тәрепинен бериледи.
Ҳүжжет еле күшке кирген жоқ- деп мәлимлеме береди xs.uz сайти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги