Өзбекстан – Түркия зыярат туризми ушын жаңа мәнзил

Өзбекстан ҳәм Түркия Республикалары арасындағы әзелий тарийхый, мәдений ҳәм диний байланыслар беккемленип, исенимли стратегиялық бирге ислесиўдиң тийкарына айланды. Бул кең көлемли бирге ислесиўдиң ең тез раўажланып атырған тараўларынан бири, әлбетте, туризм болып есапланады. Еки мәмлекет пуқараларының өз-ара саяхатларға болған қызығыўшылығының артыўы нәтийжесинде туристлер ағымы тек ғана белгили орайлар емес, ал айтарлықтай белгили болмаған, бирақ тарийхы бай аймақларға да бағдарланбақта.
Түркия Республикасы Мәденият ҳәм туризм министрлигиниң басламасы менен Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын шөлкемлестирилген пресс-тур мине усы мақсетке – Түркияның шығыс бөлегиндеги тарийхый ҳәм мәдений мийрасты танытыўға қаратылған әҳмийетли қәдем болды. Сапар мәнзили сыпатында Муш қаласының таңланыўында терең мәни бар: бул аймақ Түркия тарийхы ҳәм Селжукийлер дәўириниң басланыўы менен тығыз байланыслы. Муштиң өзине тән тарийхый-мәдений әҳмийети, оның туризм инфраструктурасын раўажландырыўдағы соңғы өзгерислер усы мақаланың таллаў орайын қурайды.
Тарийх ҳәм география кесилиспесиндеги орын
Таўлардың қушағында, Иранға жақын стратегиялық аймақта жайласқан Муш ўәлаятының орайы өзиниң таза ҳәм турақлы ҳаўасы менен ажыралып турады. Бул қала тек ғана тәбияты менен емес, ал әййемги тарийхы менен де әҳмийетли. Бир ўақытлары Шығыс Месопотамияның бир бөлеги болған Муш, Ерту ҳәм Ярмук дәрьялары аралығындағы қолайлы географиялық жайласыўы себепли әсирлер даўамында саўда жолларында шешиўши ноқат болып хызмет еткен. Бул болса оның мәдениятлар кесилиспесинде қәлиплесиўине ҳәм түрли ҳүкиметлер тәсиринде қалыўына себеп болған.
Соңғы жыллары Түркия ҳүкимети тәрепинен Муш сыяқлы шығыс қалаларды экономикалық ҳәм мәдений жақтан раўажландырыўға үлкен итибар қаратылып атырғаны итибарға ылайық. Әмелге асырылып атырған ис-ҳәрекетлер нәтийжесинде 2002-жылы жаңа аэропорт қурылды. Бул туристлердиң қалаға келиўин сезилерли дәрежеде аңсатластырды. Қала орайында көп қабатлы турақ жайлар, саўда дүканларының көбейиўи Муштың экономикалық белсендилигине ҳәм абаданлығына қаратылып атырған итибарды сәўлелендиреди. Халықтың саўдадан тысқары, дийқаншылық ҳәм шарўашылық пенен шуғылланыўы да регионның тәбийғый ресурслардан нәтийжели пайдаланып атырғанын көрсетеди.
Султан Алп Арыслан – Анадолуды ашқан қаҳарман

Муш қаласының үлкен тарийхый әҳмийети, бәринен бурын, Селжукийлер султаны Алп Арыслан (ҳақыйқый аты Муҳаммед бин Даўыт Шағырый) ҳәм 1071-жылдағы Малашгирт (Мансикерт) саўашы менен үзликсиз байланыслы. Түркия Мәденият ҳәм туризм министрлиги қәнигесиниң атап өтиўинше, буннан мың жыллар алдын түрк-селжукийлер дәслеп Муш қаласына келип орналасқан, бул болса Муштың Түркия тарийхындағы символикалық басланыў ноқаты сыпатындағы орнын белгилейди. 1063-жылдан 1072-жылға шекем ҳүкимдарлық еткен Алп Арсланнын Малашгирттеги жеңиси жәҳән тарийхында, атап айтқанда, Ислам ҳәм түрк тарийхында түпкиликли бурылыс жасады. Бул саўашта Селжукийлер Византия империясы армиясын қыйратып, император Роман Диогенди тутқынға алды. Усы саўаштан кейин Анадолу (ҳәзирги Туркия аймағы) мусылманлар ушын кең ашылды ҳәм кейин ала түрк мәмлекетшилиги ҳәм ислам мәдениятының орайына айланды. Сол себепли, Алп Арыслан “Анадолуды мусылманлар ушын ашқан қаҳарман” сыпатында тарийхта қалды. Муш қаласының орайында 2009-жылы орнатылған естелик те бул уллы шахсқа болған турақлы ҳүрмет ҳәм миннетдаршылықтың көриниси болып есапланады.
Руўхыйлық ҳәм архитектуралық үнлеслик

Муш қаласы аймағында көплеген әййемги тарийхый-мәдений естеликлер сақланып қалған, олар регионның терең цивилизациясынан дерек береди.
“Мурат” көпири: Муштан 19 километр узақлықта жайласқан, 13-әсирде түрк-селжукийлер тәрепинен Мурад дәрьясы үстине қурылған бул көпир айрықша әҳмийетке ийе. Оның узынлығы 140 метр, ени 5 метр болып, тәбийғый таслардан шеберлик пенен қурылған. Бул көпир тек ғана транспорт қуралларын өткериў ушын емес, ал Шығыс Анатолияны Батыс Анатолия менен байланыстырыўшы тарийхый саўда ҳәм мәдений байланыслар көпири болған. Османийлер дәўиринде ҳәм жақын өтмиште қайта оңланып, әтирапында миллий бағ шөлкемлестирилиўи оның туристлик тартымлылығын асырды.
“Муш қаласы”: қаладан бир неше километр узақлықтағы төбешикте бой тиклеген бул әййемги имарат қаланы душпаннан қорғаў ҳәм саўда жолларын бақлаў сыяқлы стратегиялық мақсетлерде хызмет еткен. Бүгинги күнде қала әтирапында туристлер ҳәм жергиликли халықтың дем алыўы ушын кафе ҳәм ресторанлар шөлкемлестирилген болып, ол жерден Муш қаласы ҳәм оны қоршап турған таўлардың сулыў көриниси алақандай көринип турады.
Мешитлер: қалада көплеген әййемги мешитлер бар. Соның ишинде, 1970-жылы Шығыс архитектурасы тийкарында қурылған Муш Муфтийи мешити саўлаты ҳәм өзине тән архитектурасы менен туристлерди өзине тартып, қаланың руўхый турмысында әҳмийетли орын ийелейди.
Туризм көпири ҳәм жаңа имканиятлар

Муш қаласына шөлкемлестирилген пресс-тур Түркияның шығыс аймақларын халықаралық туризм картасына киргизиў бағдарындағы исенимли мақсетлерин көрсетти. Муштиң бай тарийхый мийрасы, әсиресе, оның Селжукийлер тарийхы ҳәм Ислам цивилизациясы ушын шешиўши әҳмийети, өзбекстанлы туристлер, атап айтқанда, тарийхый ҳәм зыярат туризми бағдарларына қызығатуғынлар ушын бийбаҳа мәнзил болыўы мүмкин. Түркия тәрепинен инфраструктураларды раўажландырыў (жаңа аэропорт, жоллар) ҳәм тарийхый орынларды абаданластырыў бойынша әмелге асырылып атырған ҳәрекетлер Муштың туристлик орай сыпатында қәлиплесиўине тийкар жаратады.
Өзбекстан ҳәм Түркия арасындағы жедел бирге ислесиўди кеңейтиў, Муш сыяқлы тарийхый қалаларды өз-ара үгит-нәсиятлаў арқалы еки тәреплеме туризм алмасыўын тек ғана ири қалалар шеңберинде емес, географиялық ҳәм мәдений жақтан диверсификациялаў имканиятын береди.
Муш – бул Анадолуға ашылған тарийхый дәрўаза болып, бүгинги күнде Өзбекстан ҳәм Түркия халықларын және де жақынластырыўшы туризм көпири ўазыйпасын атқарыўға таяр.
Рустам Ҳайдаров,ӨзА