Айырым напақалар енди автомат түрде тайынланады ҳәм төленеди

Быйыл 3-ноябрьде “Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў бойынша төлемлерди тайынлаў ҳәм төлеў системасын жетилистириўге байланыслы илажлар ҳаққында”ғы Президент пәрманы қабыл етилди.
Пәрманға муўапық, 2026-жыл 1-январьдан елимизде мәмлекетлик социаллық қамсызландырыўдың жаңа системасы енгизиледи.
Жаңа системаға бола, мәжбүрий қамсызландырыў – физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығының бир бөлеги есабынан әмелге асырылады.
Ықтыярлы қамсызландырыў – ҳәр айда мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 5 проценти муғдарындағы төлем төлеў арқалы әмелге асырылады.
Пуқараларға мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў бойынша төлемлер олардың қамсызландырыў стажы ҳәм төленген төлемине сәйкес түрде Социаллық қорғаў миллий агентлиги жанындағы Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў қоры арқалы әмелге асырылады.
Қор арқалы төмендеги напақалар проактив (автомат) түрде тайынланады ҳәм төленеди:
2026-жыл 1-январьдан – ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасы,
2026-жыл 1-июльден – ўақтынша мийнетке жарамсызлық напақасы.
ӨзА